Қамаққа алынғанлар тергеў қамақханасына орналастырылыўдан бурын медициналық тексериўден өткериледи

262

Сенаттың бесинши жалпы мәжлисинде «Жынаят исин жүргизиў барысында қамақта сақлаў ҳақкында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамына қамаққа алынғанларды қыйнаў жағдайларының алдын алыўға қаратылған қосымша киргизиў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Сенаторлар кейинги жылларда елимизде пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлериниң кепилликлерин буннан былай да күшейтиў, соның ишинде, қыйнаўға салыў ҳәм басқа да аяўсыз адамгершиликке жат ямаса қәдир-қымбатты кемситетуғын қатнас ҳәм жаза түрлерин қолланыў жағдайларына пүткиллей жол қоймаў мақсетинде кең көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғанын атап өтти.

Нызам усы реформалардың логикалық даўамы болып, онда қамаққа алынғанлар тергеў қамақханаларына орналастырылыўдан бурын усы жердиң өзинде мәжбүрий медициналық тексериўден өткерилиўи нәзерде тутылмақта.

Нызамның қабыл етилиўи инсанның абырайы ҳәм қәдир-қымбатына қол қатылмаў кепилликлери буннан былай да беккемлениўине, мәмлекетимиздиң инсан ҳуқыкларын тәмийинлеў бойынша халықаралық жәмийетшилик алдындағы абырайы артыўына хызмет етеди.

Сенаторлар мақуллаған нызам пуқаралардың әдил судлаўга ерисиў дәрежесин буннан былай да арттырыў, олардың ҳуқықлары менен еркинликлери, сондай-ақ, нызамлы мәплери исенимли қорғалыўын тәмийинлейди.

Н.Абдураимова, ӨзА