Профессор-оқытыўшылар арасында илимий бирге ислесиў кеңеймекте

244

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Zoom платформасы арқалы Малайзияның Султан Идрис университети ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети профессор-оқытыўшыларының қатнасыўында Scopus базасында мақалалар таярлаў ҳәм басып шығарыў бойынша «Scopus – indexed journal writing Game Changing Hacks» темасында вебинар болып өтти.

Бул вебинардың тийкарғы мақсети – еки университеттиң профессор-оқытыўшылары арасында илимий бирге ислесиўди және де жеделлестириў, сондай-ақ, Scopus базасында мақалалар таярлаў ҳәм оны баспадан шығарыў бойынша тәжирийбе алмасыў болып табылады.

Вебинарда Scopus  мақалаларын қалай жазыў ҳәм таярлаўдың тәртип-қағыйдалары ҳәм нормалары ҳаққында кең түрде пикир алысылды.

Вебинарда мақалаларды жазыўда илимий ҳәм методологиялық талапларды толық орынлаў, мақаланың дүзилиси туўралы мағлыўматлар берилип, илимий қатнас жасаўдың зәрүрлигин атап өтти. Сондай-ақ, мақалаларды басып шығарыў процесинде Scopus базасының талапларына муўапық, илимий анық ҳәм сапалы материаллар усыныўдың әҳмийети атап өтилди.

Илажда профессор-оқытыўшылар арасында илимий бирге ислесиўди раўажландырыў, өз-ара тәжирийбе алмасыў мәселелери додаланып, биргеликте Scopus  базасында мақалалар басып шығарыў бойынша анық режелер ислеп шығылды. Сол арқалы, ҳәр еки университеттиң илимий потенциалын және де күшейтиў ҳәм глобал илим майданында өз орнын және де беккемлеў режелестирилген.


Қарақалпақстан хабар агентлиги