Форумда әҳмийетли келисимлерге ерисилди

Нөкис қаласындағы «Ақ қуў» комплексинде жайласқан дүньядағы ең үлкен қара үйде «Өзбекстан-Қытай» бизнес форумы болып өтти.
Форумда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, еки мәмлекет басшыларының арасында орнатылған дослық қатнасықлары жақын шериклик қатнасықларды беккемлеўге тийкар болып хызмет етип атырғанын, сондай-ақ, Қарақалпақстанда инвесторлар ушын жаратылған шараятлар, Президентимиз тәрепинен исбилерменликти раўажландырыў бойынша тек ғана Қарақалпақстан ушын берилген жеңилликлерди кең түрде атап өтти.
Онда Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министриниң орынбасары И.Хайдаров, Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, Қытай Халық Республикасынан келген, бизнес орталығы ўәкиллеринен ибарат делегация, жергиликли исбилерменлер, жуўапкер басшылар қатнасты.
Өткерилген форумда республикамыздың инвестициялық тартымлығы, жаңа жойбарларларды әмелге асырыў бойынша жаратылған имканиятлар, ресурслар потенциалы ҳәм басқа да әҳмийетли бағдарлар ҳаққында мағлыўматлар берилип, пикир-усыныслар билдирилди.
Форум инвестициялық имканиятларды додалаў, исбилерменлик байланысларын орнатыў ҳəм биргеликтеги жойбарларды əмелге асырыў ушын өзине тəн майданға айланды ҳәм бир қатар әҳмийетли келисимлерге ерисилди.




Илаж шеңберинде регион экономикасының перспективалы тармақлары бойынша панель додалаўлары, «B2B» ушырасыўлары ҳəм презентациялар өткерилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги