Ишки туризм туўылған жерге деген сүйиспеншиликти арттырады

251

Пайтахтымыз Нөкис қаласында жайласқан  « Жаслар орайы» нда «Ишки туризм»  ярмаркасы өткерилди. Илаж Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасы тәрепинен шөлкемлестирилген болып, тийкарғы мақсет аймақлардың туристлик потенциалын асырыў, жергиликли саяхатшыларды тартыў, туризм хызметлери экспортын кеңейтиўден ибарат.

Ярмаркада Қарақалпақстанда өзиниң хызметин көрсетип киятырған  жергиликли туристлик кәрханалар, жайластырыў орынлары, солар қатарында мийманхана, хостел, мийман үйлери, сондай-ақ басқа да туризм тараўындағы исбилерменлик субъектлери ҳәм студент жаслар  қатнасты.

Ярмарка мийманлары ушын Нөкис қаласындағы И.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мǝмлекетлик көркем өнер музейине, өнермент Саламат Алламбергеновтың үй галереясына, ҳǝм «Ашшыкөл» бойындағы “Қарақалпақ этно аўыл”  туристлик объектлери бойлап саяхат шөлкемлестирилди.

Ярмарка даўамында презентаяция илажы болып өтти. Онда “AYIM TOUR”, “MUYNAK TOUR”,“DAMIR Hotel”, Нукус халықаралық аэропорты презентациялары, Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасының презентациялары болып өтип, жыйналғанларға өзлериниң халыққа хызмет көрсетиў қолайлықлары,  туристлер ушын имканиятлар ҳаққында сөз етилди.

-Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы музейи 1998-жылы шөлкемлестирилген болып, 2014-жылы қайта дизимнен өтти. Қарақалпақстан Республикасында миллий мәдений, тарийхый, әдебий мийрасларды үйрениўшилерге жәрдем бериў,  Бердақ дәўирине тийисли тарийхый мийрасларды үйрениўши жасларға қолай шәраят жаратып бериў арқалы мәдений, илимий, әдебий бағдардағы илажларды әмелге асырмақта. Музейимиздеги көргизбе заллары ҳеш бир тамашагөйди итибарсыз қалдырмайды. Соңғы ўақытлары халықаралық байланысларды беккемлеп, туристлердиң де музейимизге итибары артпақта. Әлбетте, ишки туризм бойынша алып барылып атырған жумыслар бағдарында да музейимизге келип тамашалаўшылар көбеймекте, -дейди музейдиң илимий хызметкери Р.Арзиев.

Илаж шеңберинде миллий өнерментлердиң көргизбеси, туристлик кәрхана ҳәм жайластырыў орынларының бүгинги күндеги имканиятларын сәўлелендириўши көргизбе ҳәм презентациялар, соның менен бирге, исбилерменлер арасында ишки туризмди раўажландырыў бойынша өз-ара бирге ислесиў бойынша  ушырасыўлар шөлкемлестирилди.









Мағлыўмат орнында атап өтиў тийис, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 12-январь күнги “Республикаға сырт елли туристлер ағымын кескин асырыў ҳәм ишки туризмди еледе жеделлестириў илажлары ҳаққында”ғы пәрманының 13-бәнтинде ишки туризмди қоллап-қуўатлаў, туристлик хызметлер ҳәм өнимлерди кеңнен усыныў мақсетинде «Өзбекстан бойлап саяхат ет!» ишки туризм ярмаркасын өткериў ўазыйпасы белгиленген. Бул бағдардағы алып барылып атырған жумыслар өз нәтийжесин көрсетпекте.

Көрсеткишлерге келетуғын болсақ, 2024-жыл даўамында Қарақалпақстанға 200,7 мың сырт елли туристлер келген болса, ал ишки туризм көрсеткиши болса 2 млн. 240 мыңнан асты. Бүгинги күнде Қарақалпақстанда улыўма 112 жайластырыў орынлары бар болып, солардан 30  мийманхана, 51  мийман үйлери ҳәм 31 хостел өз жумысын  алып бармақта. Туристлик кәрханалар саны болса 67 ге жетти.

Туристлер санының артып атырғанлығы биз ушын қуўанышлы жағдай әлбетте. Ал, ишки туризм жас әўладтың ўатансүйиўшилик руўхында тәрбияланып,  туўылған жерге деген сүйиспеншилик арттырыўы сөзсиз.

 

Г.Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги