Спорт жарысларын шөлкемлестириў мәселеси додаланды

319

Елимизде дене тәрбиясы ҳәм спортты ғалаба ен жайдырыў арқалы мийнетке жарамлы инсанлардың қатарын буннан былай да кеңейтиў, зыянлы әдетлер ҳәм ҳәр қыйлы кеселликлердиң алдын алыў ҳәм саламат турмыс тәризи көнликпелерин қәлиплестириў әҳмийетли ўазыйпалардан бири есапланады.

Усы мақсетте мәмлекетимиз басшысы тәрепинен қол қойылған «Халықтың физикалық таярлық дәрежесин баҳалаў бойынша спорт жарысларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў илажлары ҳаққында»ғы қарарында ҳәр жылы елимиз мәҳәллелеринде, оқыў орынларында, шөлкем ҳәм кәрханаларда «Физикалық таярлық дәрежеси» спорт жарысларын системалы түрде өткериў ўазыйпасы белгиленген.

Спорт министрлигинде быйылғы «Физикалық таярлық дәрежеси» спорт жарысларын шөлкемлестириў принциплерине бағышланған презентация өткерилди.

Презентацияда спорт жарысларын қабыл етиў процесслерин ашық-айдын, үлгили шөлкемлестириў ҳәм жеңимпазларын сыйлықлаў мәселелери көрип шығылды.

Додалаўлар процесинде 2025-2028-жыллар ушын Бирден-бир спорт классификациясын жетилистириў, бунда,  ERP бирден-бир  спорт системасын толық түрде спорт атақларына байланыстырыў усынысы ортаға тасланды. Соның менен бирге, келешекте адам факторысыз спорт атақларын алыў, яғный проактив системаға өтиў факторлары талланды.

Сондай-ақ, олимпиада ҳәм миллий спорт түрлери бойынша мәмлекетлик қәнигелестирилген мектеп-интернатлары негизинде әмелдеги қаржыландырыў тәртибин сақлап қалған ҳалда спорт түрлери бойынша шеберлик мектеплерин шөлкемлестириў жағдайы көрип шығылды.

Презентация даўамында быйылғы спорт жарысларын өткериў процеси бойынша жуўапкерлерге анық ўазыйпаларды белгиленген мүддетлерде әмелге асырыў бойынша тийисли көрсетпелер берилди.

ӨзА