Терек ҳәм гүл нәллери отырғызылып, тереклердиң шақалары тәртипке келтирилди

Халқымыз әзелден байрамларды, қутлы сәнелерди айрықша таярлықлар менен күтип алыўды үрдиске айландырған. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 21-февральдағы “2025-жылғы Наўрыз улыўмахалықлық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында”ғы қарарына муўапық, орынларда байрамға таярлық көриў жумыслары қызғын даўам етпекте.
Күн сайын жақынласып атырған улыстың уллы күни – Наўрыз байрамы алдынан Қарақалпақстан Республикасы судында да қоршаған орталықты көклемзарластырыў, тазалығын тәмийинлеў мақсетинде шембилик өткерилди.
Шембилик барысында суд имаратында ҳәм оның әтирапында абаданластырыў жумыслары алып барылды. Атызлар аўдарылып, тазаланды ҳәм көклемзарластырыў жумыслары әмелге асырылды. Жаңа терек ҳәм гүл нәллери отырғызылып, тереклердиң шақаларын тәртипке келтириў, ҳәклеў ҳәм олардың астын жумсартыў жумыслары әмелге асырылды.

Жоқары шөлкемлескенлик пенен өткерилген тазалық ҳәм абаданластырыў жумысларында белсене қатнасқан тараў хызметкерлери беккем аўызбиршилик үлгисин көрсетип, өзлери мийнет етип атырған имарат әтирапының абат ҳәм пайызлы болыўына үлес қосыўға ҳәрекет етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги