Помидордан мол дәрамат табыў режелестирилген

277

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың турмыс абаданлығын арттырыў бағдарындағы илажларды жаңа басқышқа алып шығыў ҳаққында»ғы пәрманында, кәмбағал шаңарақларға жәрдем илажлары социаллық шәртнама тийкарында мийнетке жарамлы шаңарақ ағзаларының бәнтлигин тәмийинлеў, өзиниң қыйтақ жеринен нәтийжели пайдаланыў (егин егиў), шаңарақ ағзалары, соның ишинде, перзентлериниң билим алыўы, кәсип-өнер ҳәм шет тиллерин үйрениўи, денсаўлығын қадағалаўы, турақ жайын таза сақлаў сыяқлы шәртлер есапқа алынған ҳалда көрсетилетуғыны белгилеп берилген.

Усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Беруний районында 20 шаңарақ 20 қуты помидор туқымы ҳәм ықшам ыссықхана ушын зәрүр үскенелер менен тәмийинленди.

Социаллық реестрге киргизилген пуқара Н.Султанованың шаңарағында да усындай жумыслар әмелге асырылмақта. Ҳәзирги ўақытта оның шаңарағына мәҳәлле жетилиги тәрепинен 20 қуты помидор туқымы, ширинди ҳәм ыссықхана ушын плёнкалар жеткерип берилди.

– Келешекте жетистирген нәллерди қыйтақ жериме егип, артқан бөлегин сатыўдан орташа 15 миллион сум муғдарында дәрамат алыўды режелестирип атырмыз, – дейди ол.

Сондай-ақ, шаңарағындағы 5 сотых жерге ыссықхана шөлкемлестирген А.Ешимбетов ҳәзирги ўақытта 7 мың данадан аслам помидор, болгар бурышы, капуста нәллерин жетистирип, халықтың қыйтақ жерине егиўи ушын жеткерип бериўге таярламақта. 8 жыллық тәжирийбеге ийе қыйтақ жер ийеси быйыл орташа 150 миллион сум дәрамат табыўды режелестирген.

Халықтың саны 6464 адамды қурайтуғын Беруний районындағы Беруний аўыл пуқаралар жыйынында, халықтың қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланып, жылына 2-3 мәрте зүрәәт алыўы ушын тәжирийбели қыйтақ жер ийелери тәрепинен усыныслар берилип келинбекте. Аймақтың драйвер тараўы шарўашылық ҳәм дийқаншылықты қурайды. Мәҳәлледе социаллық реестрге киргизилген шаңарақлардың саны 134 болып, соннан 61 шаңарақ кәмбағал деп табылған, – дейди Беруний районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими баслығы А.Уразова.

Қарақалпақстан хабар агентлиги