Волонтёрларды сыйлықлаў мәресими болып өтти

Нөкис қаласындағы «Жаслар орайы»нда белсенди волонтёр жасларды сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Илажда Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Өзбекстан волонтёрлар ассосациясы, Аралды Қутқарыў халықаралық қоры Атқарыў комитети Нөкис филиалы басшылары қатнасты.
Шығып сөйлегенлер жаслардың бул басламаларын қоллап – қуўатлаўдың әҳмийети ҳаққында айтып өтти. Сондай-ақ, келешекте усындай жойбарлардың көлемин еле де кеңейтиў зәрүрлиги атап өтилди.
– Мәмлекет, жоқары билимли, потенциалы күшли жаслар менен раўажланады. Елимизде заманагөй көзкарасқа ийе, саналы, кең пикирге ийе болған жаслардың жетилисип атырғанлығы көз қуўандырарлы. Қарақалпақстан волонтёрлар мектебине ағза болған жаслардың көпшилиги өз заманласларына өрнек болып келмекте. Қарақалпақстан волонтёрлар мектеби тәрепинен еки ай даўамында «Арал жүреклери» жойбары әмелге асырылып, кем тәмийнленген шаңарақлардың перзентлерине инглис тили үйретилди. Ҳәр бир волонтёр 20 саат сабақ өтип, өз заманласларының тил үйрениўине жәрдем берди, – дейди Аралды Қутқарыў халықаралық қоры Атқарыў комитети Нөкис филиалы баспасөз хызмети бөлиминиң баслығы Р.Шарапова.
Жойбарда белсене қатнасқан волонтёрларға Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Өзбекстан волонтёрлар ассосациясы, Қарақалпақстан волонтёрлар мектебиниң арнаўлы сертификаты тапсырылды.

Соның менен бирге, «Арал жүреклери» жойбарында айрықша белсендилик көрсеткен жаслар Аралды Қутқарыў халықаралық қоры Атқарыў комитети Нөкис филиалы тәрепинен «Миннетдаршылық хаты» менен де сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги