Экспортшы ҳәм қайта ислеўши кәрханалар менен кооперация мәселелери көрип шығылмақта

275

Хабарыңыз бар, Мойнақ районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, инфраструктурасын жақсылаў мәселелерин муўапықластырыў мәселелери Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы баслығына да бириктирилген. Ҳәзирги ўақытта бажыхана басқармасында дүзилген жумысшы топар Мойнақ районын социаллық-экономикалық раўажландырыў, кәмбағаллықты қысқартыў мәселелерин орнына шыққан ҳалда үйренбекте.

Ҳәзирги күнлерде жумысшы топар ўәкиллери райондағы халықтың турақлы дәрамат дереклерине ийе болыўын тәмийинлеў мақсетинде үй шараятында қыйтақ жеринде дийқаншылық, ыссыханалар, шарўашылық ҳәм қусшылық, исбилерменлик ҳәм өндирис, хызмет көрсетиўди жолға қойыў мәселелери бойынша үйрениў жумысларын алып бармақта.

Ҳәким ата аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы Аманбай Таңбаев шаңарақ ағзалары менен қыйтақ жеринде ыссыхана шөлкемлестирип, егин егиў менен бир қатарда қоян бағыў менен де шуғылланбақта.


Ал, “Қызыл жар” аўылында жасаўшы Шахризода Ахмедова болса үй шараятында нан ҳәм кондитер өнимлерин ислеп шығармақта.

Үйрениў жумыслары даўамында үй шараятында мийнет етип, шаңарағына дәрамат таўып атырған исбилермен халық пенен экспортшы ҳәм өнимди қайта ислеўши кәрханалар арасында кооперация дүзиў мәселелери де көрип шығылды.

33,6 мың пуқара жасайтуғын бул районда жумыссызлық дәрежеси 5,5 процентти қурайтуғынын атап өтиў керек. Жоқарыдағы бағдарларда жумыслардың шөлкемлестирилиўи болса, өзин-өзи бәнт еткен халықтың санының артыўына ҳәм район көлеминде социаллық жағдайдың жақсыланыўына тийкар жаратады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги