Әзербайжан ҳәм Армения гезектеги сөйлесиўди жуўмақлады

279

Әзербайжан ҳәм Армения арасында тынышлық шәртнамасы жойбары бойынша сөйлесиў жуўмақланды. Бул ҳаққында Әзербайжан сыртқы ислер министри Жайхун Байрамов билдирди. Атап өтилиўинше, келисимге қол қойыўдың тийкарғы шәрти Армения Конституциясына Әзербайжан суверенитети ҳәм аймақлық пүтинлигине даўа бурынғысынан басқаша түрде өзгерис киргизиў еди.

Баянатта ЕҚБШ Минск топары ҳәм бул шөлкемге байланыслы структураларды рәсмий түрде тарқатып жибериў зәрүрлиги де атап өтилген. Жуўмағында өз-ара сөйлесиўди даўам еттириў ҳәм еки мәмлекет қатнасықларын нормаға келтириў процеси үстинде жумыс алып барыў тилеги тастыйықланды.

Буннан алдын Армения СИМ Байрамовтың шәртнама текстиндеги кейинги еки бәнт бойынша келисим ҳаққындағы сөзин мақуллаған.

Гезектеги сөйлесиў жуўмақланғаны ҳаққындағы мәлимлемени журналистлер менен сәўбетте Армения Бас министри Никол Пашинян да тастыйықлады.

Оның сөзлерине қарағанда, келисилген кейинги еки бәнт келисим күшке киргеннен кейин жүзеге келетуғын мәселелерге тийисли: Шегара бойлап үшинши мәмлекеттиң әскерин орналастырмаў ҳәм Халықаралық уйымлардағы даўаны өз-ара қайтарып алыў ҳәм санкцияны тоқтатыў.

Арменияға болысыў ҳаққында соралғанда, ҳүкимет баслығы процесс өз-ара келисимге тийкарланғаны, келисимде тек ғана бир тәрепке тийисли қағыйда жоқ екенин атап өтти. Пашинян Әзербайжанға Мегри арқалы аймақлық коридор берилиўи мүмкин екенин де түсиндирген:

– Армения әзербайжанлыларды өткериўге таяр. Буның шәрти ҳүжжеттиң кейинги бәнтинде белгилеп қойылды.     

С.Раҳимов, ӨзА