Лимитовский: АИИБ Өзбекстанның қайта тикленетуғын энергия системасын қоллап-қуўатлайды

2025-жыл Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл экономика» жылы деп жәрияланыўының тийкарында қоршаған орталықты қорғаў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, биологиялық ҳәр түрлиликти сақлаў, қолайлы энергиядан нәтийжели пайдаланыў ҳәм келешек әўладқа таза экологиялық система қалдырыўдай ийгиликли мақсетлер жәмленген.
Ҳәзирги күнде мәмлекетимизде қолайлы энергетика системасына өтиў жолында жедел жумыс алып барылмақта. Соның ишинде, 2026-жылға шекем қайта тикленетуғын энергия дереклериниң үлесин 25 процентке жеткериў белгиленген. Азия инфраструктуралық инвестиция банки (АИИБ) Өзбекстанға бағдарланған 3,1 миллиард долларлық инвестициясы менен мәмлекетимиздиң жасыл инфраструктура бойынша үлкен режелерин қоллап-қуўатламақта.
Бул ҳаққында усы абырайлы қаржы структурасының инвестиция бойынша бас директоры Константин Лимитовский өз пикирлерин билдирди.
– Азия инфраструктуралық инвестиция банкиниң Өзбекстандағы жумысы климат өзгериўине шыдамлылықты арттырыў, қайта тикленетуғын энергия дереклерине өтиў ҳәм инфраструктураны раўажландырыўға қаратылған. Бизиң мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатланатуғын бул жойбарларымыз мәмлекеттиң 2030-жылға шекемги электр энергиясының 54 процентин қайта тикленетуғын дереклерден ислеп шығарыў, секторға 24 ГВт жаңа қуўатлық қосыў режесине сәйкес.

Турақлы раўажланыўды тәмийинлеўге қаратылған АИИБ инвестициясы биринши гезекте республиканың узақ мүддетли мақсетине сәйкес. Биз ҳәр бир жойбар жергиликли климат үстинлигине сәйкес келиўин тәмийинлеўге ҳәрекет етемиз.
Банкимиз кең көлемли инфраструктура, соның ишинде транспорт, суў хожалығы ҳәм санлы раўажланыўға да итибар қаратады. Мәселен, мәмлекеттиң қайта тикленетуғын энергия имканиятын кеңейтиўге жәрдем беретуғын қуяш, самал энергиясын ислеп шығарыў, аккумуляторларды сақлаў объектлерин биргеликте қаржыландырыў ушын глобал энергетика компаниялары ҳәм басқа институтлар менен бирге ислесиў жолларын белсене излеп атырмыз. Бул бағдарда финанслық ҳәм техникалық жәрдем усыныс етиўден қуўанышлымыз.
Жумысымыз Өзбекстанның Париж келисими шеңберинде жаңаланған миллий исенимли ҳәрекетлери, сондай-ақ, 2030-жылға шекем «Жасыл экономикаға өтиў бойынша стратегиялық тийкар»ы менен сәйкес. АИИБ климат қәўпин баҳалаўды миллий режелестириў ҳәм бюджетлестириўге интеграциялаў, климат өзгериўине шыдамлы экономика қурыўға жәрдемлесиў әҳмийетли.
Жәмәәтимиз энергетика жойбарларын қоллап-қуўатлаўдан тысқары, гендер теңликке итибар қаратқан, жасыл инфраструктураға өтиў арқалы жәмийеттиң барлық, әсиресе, әззи қатламына пайда келтириўин тәмийинлеген ҳалда, инклюзив климат ҳәрекетин қоллап-қуўатлаў бойынша да белсене ислемекте. Процесстиң бир бөлеги сыпатында ирригация системасын жетилистириўге де жәрдем бермекте. Нәтийжеде аўыл хожалығы секторы тиккелей қоллап-қуўатланбақта.
Бағдарламамыз турақлылықты арттырыў ушын энергетика, транспорт ҳәм суў хожалығы тараўларында алға қойылатуғын институционаллық реформаларды да өз ишине алады. Нормативлик-ҳуқықый базаны беккемлеў ҳәм турақлылықты миллий раўажланыў күн тәртибине интеграциялаў арқалы банк Өзбекстанның жасыл өтиў процеси беккем ҳәм инклюзив болып қалыўын тәмийинлемекте.
Раўажланыўды баҳалаўдың тийкарғы басқышларынан бири – Климат өзгериўи бойынша Миллий сиясат ҳәм Климат өзгериўи бойынша гендер ҳәрекетлер режесин (CCGAP) табыслы әмелге асырыў, сондай-ақ, мәмлекетлик кәрханалар ушын климат ҳәм турақлылық қәўпин жәриялаўды қабыл етиў болып есапланады. Бул илажлар қайта тикленетуғын энергия мақсетлерине ерисиў, соның менен бирге климат өзгериўине улыўма шыдамлылықты арттырыў имканиятын береди.
Муҳарамма Пирматова жазып алды. ӨзА