Минскте монополияға қарсы тәртипке салыў тараўындағы бирге ислесиў перспективасы додаланды

Өзбекстанның Беларусьтағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Раҳматулла Назаров усы мәмлекеттиң Монополияға қарсы тәртипке салыў ҳәм саўда министри Артур Карпович пенен ушырасты.
Сөйлесиў ўақтында саўда-экономикалық қатнасықлардың ҳәзирги жағдайы ҳәм Беларусь Президенти Александр Лукашенконың 2024-жыл февраль айында Өзбекстанға сапарының жуўмақлары бойынша тастыйықланған «жол картасы»ның орынланыўы додаланды.
Беларусь тәрепи ҒМДА Монополияға қарсы сиясат бойынша мәмлекетлераралық кеңеси шеңбериндеги бирге ислесиўдиң жоқары дәрежесин атап өтти. Министрликтиң структуралық бөлими – Универсал саўда биржасы менен шерикликке айрықша итибар қаратылды. Ҳәзирги ўақыт усы биржада өзбек резидентлери 188. Өз-ара саўда көлеми 1,5 есеге артқан, электрон саўдада өним түрлери көбеймекте.
Тәреплер Беларусь жетекшисиниң мәмлекетимизге сапары даўамында қол қойылған Өзбекстан Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықын қорғаў комитети ҳәм Монополияға қарсы тәртипке салыў ҳәм саўда министрлиги арасындағы келисим шеңбериндеги нәтийжели ҳәрекетлердиң әҳмийетин атап өтти. Белгиленген ўазыйпаларды орынлаў ушын анық мүддет ҳәм жуўапкер орынлаўшылар белгиленген биргеликтеги илажлар режесин ислеп шығыў басламасы мақулланды.
Министр Артур Карпович нәтийжели бирге ислесиўди даўам еттириў, процесске тийисли уйым ҳәм шөлкемлерди тартыўға таяр екенлигин билдирди.
Азиза Алимова, ӨзА