Мийнет ярмаркасында 100 ден аслам бос жумыс орынлары усынылды

313

Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги ҳәм Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен биргеликте ҳаял-қызлар ушын бос жумыс орынларының мийнет ярмаркасы шөлкемлестирилди.

Илажды шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет – халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламын кәмбағаллықтан шығарыў, елимиздеги жумыссыз ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеўден ибарат.

– Мен Нөкис қаласы турғыныман. Көп ўақыттан берли жумыссыз едим. Бүгин мийнет ярмаркасына қатнасып, жасаў орныма жақын жерге мийманханаға жумысқа қабыл етилдим. Усындай мийнет ярмаркасын шөлкемлестиргени, шараятлар жаратылғаны ушын басшыларымыздан миннетдармыз,-дейди Ю.Хожиева.

Ярмаркада республикамыздан бир қатар мәкеме ҳәм шөлкемлер сондай-ақ, 20 дан аслам жеке исбилерменлик субъектлери ҳаял-қызлар ушын мөлшерленген 100 ден аслам бос жумыс орынлары менен қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги