Қыйтақ жерлерден пайдаланыў үйретилмекте

Кегейли районындағы Жүзимбағ аўыл пуқаралар жыйынында «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде «Халықтың қыйтақ жер ҳәм ижара жерлеринен нәтийжели пайдаланыў арқалы дәраматларын арттырыў илажлары» атамасында көргизбели семинар болып өтти.
Семинарға республикалық жумысшы топар ағзалары, райондағы мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкем басшылары, арнаўлы қәнигелер қатнасты.
Илажда «Өзэлтехсаноат» аўқамынан Н.Толипов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Б.Сейтназаров ҳәм район ҳәкими А.Камалов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, аймақларда қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыў, дийқаншылық мәдениятын қәлиплестириў ҳәм дәрамат дереклерин арттырыў бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.



Соны айтып өтиўимиз керек, ҳәзирги ўақытта Кегейли районында 7000 гектар қыйтақ жерлер болып, бул жерлер халыққа қосымша дәрамат дереги болып, олардың абаданлығын арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе.
Семинарда илаж қатнасыўшылары тәрепинен қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыў, өзин-өзи бәнт етиў ҳәм тармақты раўажландырыў мәселелери додаланды. « Бир мәҳәлледе-бир өним» принципи тийкарында экспортқа қолайлы егинлер егиў, егислик майданлардың шетлерине нәл егиў арқалы кәмбағаллықтан шығарыў ҳәм абаданлыққа ерисиў имканиятлары ҳаққында терең түсиндирилди.
-Бул семинарды өткериўден тийкарғы мақсет, пуқаралардың қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў, олардың экспортқа жарамлы егинлерди жетистириў бойынша билимлерин арттырыў ҳәм усы арқалы экономикалық имканиятларды жаратыў, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеўден ибарат,-дейди Өзбекстан Мәҳәллер ассосациясы Кегейли районлық бөлиминиң баслығы Мақсет Хошанов-Демек, мәҳәллелер кесиминде қыйтақ жер мәдениятын арттырыў арқалы жаңа технологиялар жәрдеминде егинлерди егиў ҳәм олардан дәрамат алыўды үйретиў зәрүр. Бул семинар – өзгерис ҳәм раўажланыўға қойылған қәдем болды. Себеби, жумысты биргеликте раўажландырыў арқалы ғана абадан турмысқа қәдем қойыў мүмкин.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы