Мәрт азаматлар Ўатанды қорғаў ушын жолға атланды

256

Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў ислери басқармасының жыйын пунктинде Ўатан алдындағы муқаддес миннетин орынлаўға атланған жигитлерди мүддетли әскерий хызметке салтанатлы шығарып салыўға бағышланған мәресим болып өтти.

Онда Арқа-Батыс әскерий округи әскерлери сәркардасының биринши орынбасары полковник А.Набиев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими, Жаслар ислери агентлиги, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, Қураллы Күшлер ветеранлары, нуранийлер, ақсақаллар ҳәм шақырылыўшылардың туўған-туўысқанлары қатнасты.

Илажда шығып сөйлегенлер Ўатанды қорғаўдай муқаддес ҳәм мақтанышлы ўазыйпаны орынлаўға таяр турған жигитлерге жақсы тилеклерин билдирди. Ана ўатанын қорғаў, оның шегараларын көздиң қарашығындай қәстерлеп сақлаў жуўапкершилиги тек ғана усындай мәрт жигитлерге несип ететуғынын атап өтти.

Нөкис гарнизоны әскерий окрестри ҳәм мәденият бөлими тәрепинен атқарылған нама ҳәм қосықлар жигитлерге көтериңки кейпият бағышлап, сапар алдынан кеўиллерин көтерди.

Барлық сынақлардан өтип, руўхый ҳәм физикалық жақтан саламат екенлигин дәлиллеген жигитлер Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги ҳәм Ишки ислер министрлиги бөлимлерине жол алды. Ўатанды исенимли қорғаўға ўәде берген жигитлер әскерий хызметти өтеў ушын “Нөкис” темир жол вокзалынан жөнеп кетти.


Қарақалпақстан хабар агентлиги