Бийпул азық-аўқат пенен тәмийинлеў қатаң қадағалаўда
Өзбекстан “Миллий тикланиш” демократиялық партиясының Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги фракциясының мәжилиси болып өтти.
Илажда ӨзМТДПдан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине ҳәм Халық депутатлары Нөкис қалалық ҳәм районлық Кеңеслерине сайланған депутатлар, партия белсендилери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Мәжилисти фракция ағзасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты П.Реймов алып барды.
Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги Өзбекстан “Миллий тикланиш” демократиялық партиясы фракциясы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 28-январьдағы ПП-60-санлы пәрманы менен тастыйықланған “2022-2026 жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы»ның Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятындағы баслаўыш класс оқыўшыларын басқышпа-басқыш бийпул азық-аўқат пенен тәмийинлеў ҳаққында”ғы 45-мақсетиниң Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигине қараслы улыўма билим бериў мектеплеринде орынланыў барысын жәмийетшилик мониторинги тийкарында үйрениў жумысларының жуўмағы бойынша мәселелер көрилди.
Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги басшыларының есабатлары тыңланып, республикамызда улыўма орта билимлендириў мектеплеринде баслаўыш класс оқыўшыларын кейтеринг усылында аўқатландырыў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Оқыў жылы даўамында 726 улыўма билим бериў мектеплериндеги 144 мыңнан аслам баслаўыш класс оқыўшыларын бийпул аўқатландырыў режелестирилип, бул ушын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2024-жыл 23-август күнги протоколы менен Қарақалпақстан Республикасындағы улыўма орта билим бериў мектеплеринде Кейтеринг тийкарында саламат аўқатландырыў системасын шөлкемлестириў жумысларын қадағалаўшы жумысшы топар қурамы тастыйықланған. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының “Мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққында”ғы Нызамына муўапық улыўма орта билим бериў мектеплеринде кейтеринг тийкарында саламат аўқатландырыў системасын шөлкемлестириў бойынша “сатып алыў (харид) комиссиясы” қурамы тастыйықланған.
Министрлер Кеңесиниң, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң сайтларында, ғалаба-хабар қуралларында улыўма орта билим бериў мектеплеринде баслаўыш класс оқыўшыларын бийпул аўқатландырыў бойынша өткерилетуғын таңлаў ҳаққында дағазалар жәрияланған.
2024-жыл 4-сентябрь сәнесинде улыўма билим бериў мектеплери жәми 42 лотларға ажыратылып, Etender.uzex.uz электрон арнаўлы платформасына таңлаў (тендер) өткериў ушын жайластырылған.
Бунда бир бала ушын жумсалатуғын қәрежетлер Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги менен келисилген ҳалда Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен тастыйықлап берилген.
Кейтеринг хызметин көрсетиўге талабан исбилерменлик субъектлери 5 жумыс күни мүддет ишинде Etender.uzex.uz электрон арнаўлы платформасы арқалы таңлаўға катнасып, Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен тастыйықланған техникалық талаплары бойынша «Сатып алыў (харид) комиссиясы» тәрепинен таңлап алынған.
Жәмийетшилик топары тәрепинен Нөкис қалалық, Кегейли, Шымбай ҳәм Қараөзек районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы улыўма билим бериў мектеплеринде үйрениў жумыслары алып барылды.
Бүгинги күнде 19 кейтеринг шөлкемлери тәрепинен улыўма билим бериў мектеплериндеги баслаўыш класс оқыўшыларына Өзбекстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасы ҳәм Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен тастыйықланған тағамнама (мәўсимлик азық-аўқат өнимлери) тийкарында азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеп келмекте.
Мектеплерде тийкарынан Кейтеринг хызметин көрсетиўши исбилерменлик субъектлери жеӊимпаз, деп табылып шәртнамалар дүзилген.
Усы кейтеринг хызметин көрсетиўши субъектлер тәрепинен тастыйықланған тағамнама (мәўсимлик азық-аўқат өнимлери) тийкарында азық-аўқат өнимлери жеткерип берилмекте. Класс ханаларына 7-8 литр әтирапында суўды электр энергиясы арқалы жылытып бериўши үскенелер қойылған болса, айырым мектеплерде кейтеринг хызметин көрсетиўши исбилерменлик субъекти тәрепинен оқыўшыларға мектеп басшыларының усынысы менен чай демлеп берилмекте.
Сондай-ақ, айырым мектеплерде мектеп комиссиясы тәрепинен кәрхана тәрепинен жеткерилип берилген азық-аўқат өнимлериниң сапасына итибар қаратпастан қабыл еткен жағдайлары анықланып, сапасыз өнимлерди қайтарыў шараларын көриў, сондай-ақ, үйрениў жумыслары барысында сын пикирлер билдирилген кемшиликлерди сапластырыў бойынша мәселелер додаланып, көрсетпелер берилди.

Мәжилисте белгиленген мәселелер депутатлар тәрепинен кең түрде додаланды, айтып өтилген кемшиликлерден келип шығып, баслаўыш класс оқыўшыларын бийпул аўқат менен тәмийинлеў жумыслары бойынша пикир-усыныслар билдирилди ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги