Польша Шығыс изертлеўлери орайы менен бирге ислесиў орнатылды

207

Орайлық Азия халықаралық институтының басшысы Жавлон Ваҳобов ҳәм Варшавадағы М.Карп атындағы Шығыстаныў орайының директоры Войцех Кононьчук басшылығындағы делегация арасында ушырасыў  болып өтти. Сөйлесиўде Польшаның Өзбекстан Республикасындағы Ўақытша ислери ўәкили Марчин Вакар да қатнасты.

Сөйлесиў ўақтында ОАХИ директоры еки институт илимий-изертлеў жумысының  тийкарғы бағдарлары бойынша көплеген  улыўма түсиниклер бар екенлиги, ҳәзирги жағдай биргеликтеги жойбар ҳәм басламалар ушын кең имканият ашатуғынын атап өтти.


Тәреплер, «Орайлық Азия + Европа Аўқамы» саммитин илимий- эксперт жағынан қоллап-қуўатлаўға байланыслы әҳмийетли мәселелер бойынша да пикир алысты. Биргеликте илимий жумыс, эксперт форумлары ҳәм  дөгерек сәўбетлерин шөлкемлестириў арқалы бирге  ислесиўди тереңлестириўге айрықша  итибар қаратылды.

Вайцех Кононьчук регионның глобал сиясий-экономикалық процесстеги орны артып барыўы тийкарында Польша аналитик топарларының Орайлық Азия мәмлекетлерине қызығыўшылығы артып атырғанын атап өтти.


Ушырасыў жуўмағында Өз-ара бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойылды. Бул ҳүжжет бирге ислесиўшилердиң сөйлесиўди даўам еттириў, шерикликти еки ҳәм көп  тәреплеме түрде кеңейтиўге таяр екенлигин тастыйықлады.



1990-жылы шөлкемлестирген М.Карп атындағы Шығыстаныў орайы (ОSW) Орайлық ҳәм Шығыс Европа, Балкан, Кавказ ҳәм Орайлық Азиядағы сиясий, экономикалық, жәмийетлик жағдайды үйрениўге қәнигелескен. Халықаралық қатнасықлар ҳәм регионаллық изертлеўлер тараўында билим алмасыў, таллаў  потенциалын кеңейтиў мақсетинде көплеген халықаралық структуралар, таллаў  орайлары ҳәм изертлеў институтлары менен белсене бирге ислеседи.

Ғ.Хонназаров, ӨзА