Исбилерменлик субъектлерине мәмлекетлик хизметлер көрсетиў әпиўайыластырылмақта

Елимизде халыққа мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде артықша талаплар, тәртип ҳәм принциплерди қысқартыў ҳәм әпиўайыластырыў, мәмлекетлик хызметлер сапасын жақсылаў бойынша системалы илажлар әмелге асырылмақта.
Исбилерменлерден келип түсип атырған мүрәжатлардан келип шығып, оларға мәмлекетлик хизметлерден пайдаланыўда мағлыўматларды алыў имканиятларын кеңейтиў зәрүрлиги пайда болмақта. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 4-сентябрьдеги “Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен 2023-жылдағы ашық сәўбетинде белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Министрлер Кабинетиниң қарары қабыл етилди. Усы қарар тийкарында Өзбекстан Республикасы ҳүкиметиниң айырым қарарларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилип, Исбилерменлик субъектлериниң бирден-бир мәмлекетлик реестрин кредиторлар ушын зәрүр болатуғын қосымша мағлыўматлар менен толтырыў, реестрден көширме алыў ушын белгиленген жыйым муғдарын азайтыў;
Юридикалық тәреплердиң ўәкилхана ҳәм филиалларын ашыў (жабыў) ҳаққында мәмлекетлик дизимнен өткериўши уйымды хабардар етиў тәртибин иске түсириў;
Алдын берилген реклама орнының паспортын жаңа түрдеги реклама орнының паспортына алмастырыў ушын арза тапсырыў мүддетин Ташкент қаласында 2024-жыл 1-июньға шекем, қалған аймақларда 2024-жыл 1-июльға шекем созыў белгиленген.
Соның менен бирге, реклама бойынша тийисли төлем ҳәм мәмлекетлик жыйымлардан кейинги бес жыл мүддет ушын қарыздарлықты исбилермен тәрепинен 9 ай мүддетке тең муғдарда бөлип төлеў шәрти менен алдын берилген реклама орны тазасына алмастырылады. Исбилерменлик субъектлери бирден-бир мәмлекетлик реестри булар-исбилерменлик субъектлериниң (юридикалық тәреплер шөлкемлестириў, қайта ислеп шығыў, жумысын тохтатылғанлығы, тамамланғанлығы, жеке тәртиптеги исбилермен дүзилгенлиги, жумысы тоқтатылғанлығы яки жаўылғанлығы ҳәм оларға тийисли мағлыўматлар базасы есапланады (банклер ҳәм кредит бюроларына тийисли мағлиўматлардан тысқары).
Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен исбилерменлик субъектлери болған юридик тәреплердиң ўәкилхана ҳәм филлиалларын шөлкемлестириў ҳаққында мәмлекетлик дизимнен өткериўши уйымды хабардар етиў, исбилерменлик субъектлерин мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳәм есапқа қойыўдың автоматластырылған системасын жаратыў енгизилди.
Д. Бекбаўлиева,
Нөкис қаласы Әдиллик бөлими Мәмлекетлик хызметлер орайының бас қәнигеси.
Қарақалпақстан хабар агентлиги