Дөгерек сәўбети өткерилди

Беруний районында «Ҳаял-қызлар дәптери»ниң 6-басқышына киргизилген ҳаял-қызлар менен дөгерек сәўбети өткерилди.
Онда Беруний районы ҳәкиминиң орынбасары, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң баслығы С.Козиева қатнасты.
Илажда Дослық ҳәм Орайлық мәкан пуқаралар жыйынындағы социаллық дәптерге киргизилген ҳаял-қызлардың ҳуқықый билимин арттырыў, оларды социаллық жақтан қорғаў ҳәм машқалаларын системалы шешиў бойынша пикир алысылды.
Районда «Ҳаял-қызлар дәптери»не 6 бағдар бойынша хатлаў тийкарында 6070 ҳаял-қыз киргизилген, – деп мағлыўмат береди Беруний районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлиминиң баслығы А.Уразова.
Ҳаял-қызларға шаңарақ орталығын жақсылаў, руўхый турақлылық ҳәм машқалаларды сапластырыў бойынша психолог О.Матчанова тәрепинен әмелий усыныслар берилди.

Өткерилген илаж ҳаял-қызлардың ҳуқықый билимин арттырыў ҳәм олардың жәмийетлик белсендилигин күшейтиўге хызмет етеди.
Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги