«Мәҳәлле жетилиги»ниң жумыслары үйренилди

Әмиўдәрья районлық прокуроры Б.Машарипов ҳәм район ИИБ баслығы тәрепинен район орайында жайласқан А.Наўайы атындағы мәҳәлледе жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў бағдарында «мәҳәлле жетилиги» тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслардың жағдайы үйренилди, – деп мағлыўмат береди Әмиўдәрья районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.
Президентимиз тәрепинен 2025-жыл 3-январьда қабыл етилген ПҚ-1-санлы қарар тийкарында ислеп шығылған «жол картасы»ның орынланыўы бойынша «мәҳәлле жетилиги»ниң жумысы талланды. Сондай-ақ, оларға ислениўи керек болған жумыслар бойынша көрсетпелер берилди.
Көп қабатлы турақ жайлардың әтирапларында орнатылған камералар ҳәм түнги жақтыландырыўшы шырақлардың да жағдайлары үйренилди. Мәҳәлле турғынлары менен сәўбетлесиў өткерилди.

Соның менен бирге, мәҳәлле аймағында жайласқан Маңғыт дийқан базарының жумысында анықланған кемшиликлер бойынша жуўапкер хызметкерлерге тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги