Спортты буннан былай да раўажландырыў мәселелери додаланды

Өзбекстан Республикасы Спорт министри Адҳам Икрамов басшылығындағы жумысшы топар ағзалары Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, орынларда ғалаба ҳәм профессионал спортты раўажландырыў бойынша жумыслардың барысы менен танысыў мақсетинде, Қарақалпақстанға келди.
Жумысшы топар ағзалары дәслеп Нөкис Олимпия ҳәм паралимпия спорт түрлерине таярлаў орайында болып, бул жерде спортшылардың шынығыўы ҳәм олар ушын жаратылған шараятлар менен танысып, Спорт министри тәрепинен оқыў орнындағы шараятларды еле де жақсылаў, спортшы-оқыўшыларға кең имканиятлар жаратыў бойынша жуўапкерлерге көрсетпелер берилди.



Буннан соң Спорт министри Адҳам Икрамов Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде видеоселектор мәжилисин өткерди.
Мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Фарҳод Эрманов, тийисли министрлик ҳәм шөлкемлердиң басшылары, барлық спорт федерациялары ҳәм спорт мектеплериниң жуўапкер ўәкиллери қатнасты.
Мәжилисте Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Олимпиада ҳәм Паралимпия ҳәрекети, қәнигелестирилген ҳәм ғалабалық спортты жаңа басқышқа алып шығыў ҳәм халықтың физикалық белсендилигин арттырыў илажлары бойынша 13-февраль күни өткерилген видеоселекторда берилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша әҳмийетли мәселелер додаланды. Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасының барлық қала ҳәм районларында спортты раўажландырыў, спорт федерациялари ҳәм спорт мектеплери алдында турған әҳмийетли мәселелер, усы жылғы «Бес баслама олимпиадасы» жарысларында ҳәм «Физикалық таярлық дәрежеси» спорт сынақларын шөлкемлескенлик өткериў, улыўма орта билим бериў мектеплеринде дене тәрбиясы пәниниң өтилиўин түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм спорт тараўын санластырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар додаланды.






Мәжилисте бул бағдардағы жумысларды белгиленген мүддетлерде әмелге асырыў бойынша жуўапкерлерге анық ўазыйпалар белгилеп берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги