Жасалма интеллект экономикаға интеграцияланады

Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министрлигинде Орайлық Азия жасалма интеллект ассоциациясы (AICA) басшылығы ҳәм министрлик департаментлери арасында бирге ислесиў мәселелерине бағышланған ушырасыў болып өтти.
Ушырасыўда тәреплер жасалма интеллект технологияларын экономикаға енгизиў, мәмлекетлик басқарыўда санлы инновацияларды кеңейтиў ҳәм IT -экосистеманы раўажландырыў мәселелерин додалады. Атап айтқанда, онда экономикалық процесслерди оптималластырыў, қаржылай таллаўларды автоматластырыў ҳәм жасалма интеллект жәрдеминде нәтийжели басқарыў системаларын ислеп шығыў бағдарларына айрықша итибар қаратылды.
Атап өтилгениндей, Орайлық Азия жасалма интеллект ассоциациясы (AICA) – Орайлық Азия регионында жасалма интеллект тараўын раўажландырыў, қәнигелер ҳәм исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў, инновациялық экосистема жаратыў мақсетинде шөлкемлестирилген халықаралық платформа болып есапланады.
Соннан келип шығып, бул ушырасыў жасалма интеллект тараўындағы алдынғы тәжирийбелерди үйрениў ҳәм Өзбекстанда санлы трансформацияны жеделлестириўге қаратылған әҳмийетли қәдемлерден бири болды.
Сөйлесиўлер жуўмағында тәреплер келешектеги бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм инновациялық технологияларды экономика тармақларына интеграциялаў бойынша бирге ислесиўди даўам еттириўге келисип алды.
Н.Зиёдуллаева, ӨзА