Ҳаял-қызлар “Ҳәким кубоги” ушын беллести

Шоманай районы Балалар спорт мектеби имаратында районлық Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң басламасы менен жәмийетте ҳаял-қызлардың тутқан орнын күшейтиў, гендер теңликти тәмийинлеў, олардың репродуктивлик саламатлығын беккемлеў, спорттың ғалабалығына ерисиў мақсетинде мәкеме ҳәм кәрханаларда жумыс ислеп атырған ҳаял-қызлар арасында “Ҳәким кубоги” ушын спорттың волейбол түри бойынша жарыс болып өтти.
Ашылыў салтанатына район ҳәкиминиң орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң баслығы Т.Қаллықыличева, Ишки ислер бөлиминиң ҳаял-қызлар мәселелери бойынша орынбасары аға инспектор К.Бекманова, районлық Спорт мектеби директоры Б.Қалабаев, аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларынан дүзилген 13 команда қатнасты.

Жарыс жуўмағында 1-орынды Қарабайлы мәкан пуқаралар жыйыны командасы, 2-орынды Ақжап аўыл пуқаралар жыйыны командасы ал, 3-орынды Мамый аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 5-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң ҳаял-қызларынан дүзилген команда қолға киргизип, жеңимпазлар район ҳәкимлиги тәрепинен ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги