Өнимлерди биржа саўдаларына қоймаў жағдайлары бар ма?

285

Қарақалпақстан Республикасы Бәсекиликти раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитети тәрепинен 2024-жыл даўамында жоқары ликвидли ҳәм монопол түрдеги өнимлерди биржа саўдалары арқалы реализациялаўда төмендеги хожалық жүргизиўши субъектлер тәрепинен манипуляция ҳәрекетлерин ислегенлик жағдайлары анықланған.

Яғный, олар графиклерди орынламаў ҳәм күнлик белгиленген көлемлерде өнимлерди биржа саўдаларына қоймаў ҳәрекетлерин ислеген.

  • Соның ишинде, “Oltin tola shabbaz”, “Turan aq altin” өндирислик кооперациясы, “Tахиатош дон маҳсулотлари” АЖ өндирислик кооперациясы, “Bo`ston cluster”, “Midasiatex”, “No`kis agro cluster”, “Turon-xojeli” ЖШЖ, “Shimbay may invest” СК, “Amudaryotex” ЖШЖ СК кәрханаларын атап өтиўимизге болады,-дейди комитет бас қәнигеси И.Дәлибаев.

Жоқарыда анықланған жағдайлардан келип шығып, комитеттиң арнаўлы комиссиясы тәрепинен “Бәсекилик ҳаққында”ғы нызамның
29-статьясы ҳәм Министрлер Кабинетиниң арнаўлы қарары менен тастыйықланған реже талапларының бузылыў белгилери менен  кәрханаларға қарата ис қозғатылып, нәтийжеси бойынша белгиленген тәртипте финанслық жәриймалар қолланыў ҳаққында қарарлар қабыл етилди.

Сондай-ақ, нызам бузылыў жағдайларын сапластырыў ҳәм келешекте жол қоймаў ҳаққында орынланыўы мәжбүрий болған көрсетпелер берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги