«Volkswagen» Германия армиясы ушын қурал ислеп шығарыўды баслай ма?

304

«Тhe Telegraph» басылымының мағлыўматына қарағанда, бас резиденциясы Вольфсбург қаласында жайласқан дүньяның жетекши автомобиль ҳәм коммерциялық транспорт қуралларын ислеп шығарыўшылардан бири – «Volkswagen» Европаның қайта қуралланыў ҳәрекети шеңберинде Бундесвер ушын әскерий үскенелер жаратыў имканияты үйренилетуғынын мәлим етти.

– Компания ҳәзирше итималлы бирге ислесиўшилерден усыныс алмаған болса да, тийисли идеяны додалаўға таяр екенин билдирген, – делинеди жергиликли телеканал хабарында. – Бул баслама автомобиль экспорты 50 процент қысқарғаны себепли компанияға қараслы заводларда жүзеге келген бос өндирислик қуўатлықлардан өнимли пайдаланыў мақсетинде алға қойылмақта.

Европадағы ең ири автомобиль ислеп шығаратуғын бул кәрхана өз бренди, бизнес бағдары ҳәм қаржылай хызмет түрлери менен дүнья базарында жүдә жоқары статусқа ийе екенлигин атап өтиў керек. Компания Европаның 17 мәмлекети, Арқа ҳәм Қубла Америка, Азия ҳәм Африкадағы 10 мәмлекетте жәми 114 заводты басқарады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги