Жойбарларды басқарыў бойынша семинар-тренинг шөлкемлестирилди

303

Ҳәр қандай идея бәринен бурын санамызда қәлиплеседи. Идеяның жойбарға айланыўы ушын бираз мийнет етиўге, қыйыншылықларға төзиўге туўра келеди. Жойбарларды нәтийжели басқарыў ушын болса инновация, заманагөй қатнас жасаў талап етиледи.

Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы хызметкерлери ушын Кавказ ҳәм Орайлық Азия бойынша бизнес академиясы тренерлериниң қатнасыўында жойбарларды басқарыўға байланыслы  оқыў-тренинглер болып өтпекте.

Семинарда «Ernst & Young» бизнес академиясы тренери Сакен Садуакасов басшылығындағы жәмәәт дөретиўшилик жойбарлар менен биргеликте аудит, консалтинг, ҳуқық ҳәм стратегиялар бойынша өз билим ҳәм көнликпелерин тыңлаўшыларға жеткермекте.

Баянатлар ҳәр қыйлы ҳәм қызық екени менен әҳмийетли. Тренердиң айтыўынша, ҳәр қандай шөлкемде белгили бир жойбарды басқарыў арқалы жоқары нәтийжелиликке ерисиў мүмкин. Соның менен бирге, жәҳән әмелиятында да буған мысаллар көп. Әҳмийетлиси, ең пайдалы ҳәм мәпдарлы қатнас жасаўды таңлай алыўы зәрүр.

Бүгин Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы ири жойбарлар платформасына айланып атырғанын атап өтиў керек. Бул процесс ҳәр бир қәнигеден заманагөй билимлерди тыянақлы ийелеўи, жумысқа өзине тән тәризде қатнас жасаўды талап ететуғыны тәбийғый жағдай. Сол жағынан бул семинардың әҳмийети үлкен болмақта.

Тренинг қатнасыўшылары жойбарлар менен ислесиўди, оларды басқарыў, әмелге асырыў, ўақытты қадағалаў, күтилип атырған қәўипти минималластырыў сыяқлы илимий-әмелий билим ҳәм көнликпелерди өзлестирмекте.

Тренингте жойбарды әмелге асырыў процеси, бул басқышта анық мақсетлерди гөзлеў, тийкарғы талап ҳәм идеялар, улыўма, тема менен байланыслы барлық тәреплер ҳаққында ҳәр тәреплеме сөз болды.

Төрт күн даўам ететуғын тренинг жуўмағында қатнасыўшылар өзлестирген билимлери тийкарында тест тапсырады ҳәм оннан табыслы өткенлерге сертификатлар бериледи.

Назокат Усмонова,

ӨзАның хабаршысы