Россия пайтахтын нышанға алған Украина дронлары урып түсирилди

«IRNA news» хабарына қарағанда, Россия Федерациясы Ҳаўа ҳүжиминен қорғаныў күшлери жүзлеген дронларды жоқ еткен. Бул Москва 2022-жылы арнаўлы әскерий әмелият баслағаннан берли Украина тәрепинен уйымластырылған ең ири трансшегаралық ҳүжим екени айтылмақта.
Россия Қорғаныў министрлиги бир күнде жәми 337 ушыўшысыз қурал урып түсирилгенин мәлим етти. Усы тәризде Москва қаласы ҳәм 10 ўәлаят, соның ишинде Украина менен шегаралас Белгород, Брянск, Воронежде ҳүжим қайтарылған.
Тийкарғы нышан – Курск ҳәм Москваға 200 ден аслам самолёт ушырылған. Пайтахт мэри Сергей Собянин пайтахт тәрепке 70 тен аслам дрон ушқанын тастыйықлады.
Москва ўәлаяты губернаторы Андрей Воробьёв ҳүжим ақыбетинде бир адам қайтыс болғаны, үш адам жарақатланғаны, сондай-ақ, бир неше үйге зыян жеткени, автомобиль турыў орнында бир неше машина жанып кеткени ҳаққында айтты.
Алты аэропорт, соның ишинде, Домодедово, Внуково, Шерметьево ҳәм Жуков, пайтахттан сырттағы Ярослав ҳәм Төменги Новгород ўәлаятлары ҳаўа портлары қәўипсизлик көзқарасынан жабылды.
Украина делегациясы Саудия Арабстанында Россия менен урысты тоқтатыў бойынша жоқары дәрежели америкалы дипломат пенен ушыраспақшы болған бир пайытта жасалған ҳүжим бойынша Киев рәсмийлери ҳеш қандай түсиндириў бермеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги