Трамп Канадаға 50 процентлик бажы енгизди

Қурама Штатлар жетекшиси 51-штат арзыўында жанбақта. АҚШ Президенти Дональд Трамп Канададан кирип келетуғын полат ҳәм алюминийге тариф 25 проценттен 50 процентке, яғный еки есеге арттырылатуғынын жәриялады.
Америка басшысы өзиниң социаллық медиа платформасында бүгиннен күшке киретуғын бул қарарды Онтарио првинциясы ҳүкимети тәрепинен Қурама Штатлар ушын электр энергиясы баҳасының көбейтилиўине жуўап ретинде баҳалаған.
– Мен саўда хаткеримге дүнья бойынша ең жоқары тариф пенен сыйланған мәмлекетлерден бири – Канададан Америкаға келетуғын барлық полат ҳәм алюминийге қосымша 25 процент тариф қосыўды буйырдым, – деп жазды Трамп.
Онтарио Бас министри Дуг Форд электр энергиясын қымбатлатыў арқалы Америкаға жуўап қайтарғаннан соң, Трамп саўда урысын баслаўы нәтийжесинде жүзеге келген тәртипсизликке АҚШ халқы ҳәм мәмлекеттиң бизнес басшылары қарсы шығыўы керек екенин атап өтти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги