Дүньядағы ең жылдам поезд сынақтан өткерилди (+видео)

Қытайдың CRRC Corporation Limited корпорациясы дүньядағы ең жылдам поезд болыўға даўа етип атырған CR450 прототипин сынақтан өткериўди баслады.
Пекиндеги экспериментал темир жол айланбасында жаңа жоқары тезликтеги электр поезды биринши рет сынақтан өткерилди. Бул ҳаққында өндирис компаниясының вице-президенти Ван Фен «Science and Technology Daily» газетасына мәлим етти.
Жаңа қурамлар ҳәзирги күнде пайдаланылып атырған ҳәм 350 км/саат тезликке ерисе алатуғын CR400 Fuxing поездларына қарағанда бираз жоқары тезлик пенен ажыралып турады. Ван Фенниң сөзлерине қарағанда, CR450 жоқары тезликтеги поездлар теориясы, технологиясы, үскенелери, стандартлары ҳәм басқарыў системасында комплексли жетискенлик болып табылады.
Қытай Транспорт министрлигиниң мағлыўматларына қарағанда, CR450 модели сынақ даўамында 450 км/саат тезликке ерискен. Поезд ҳәр қыйлы системалар ҳәм технологиялар бойынша ҳәр тәреплеме баҳаланбақта.
Экспертлердиң шамалаўынша, CR450 дәслепки жолаўшыларды кеминде бир жылдан кейин тасый баслайды.
Мадинабону Насриева, ЎзА