Пакистанда жаўынгерлер жолаўшы поездын оққа тутты

395

Пакистанның қубла-батысындағы Балужистан ўәлаяты Кветта қаласынан  Хайбер-Пахтунхва провинциясындағы Пешоварға кетип баратырған поезд жаўынгерлер тәрепинен оққа тутылды, деп хабар берди CNN.

«Балуж азатлық армиясы» деп аталған топар баянат берип, ҳүжим ушын жуўапкершиликти мойнына алды ҳәм поезддағы тутқынларды, соның ишинде қәўипсизлик күшлерди гиреўге алған.

Балужстан ҳүкимети айрықша илажлар көрип, барлық мәкемелер жағдайды шешиў ушын ҳәрекетке келтирилди, дейди ҳүкимет хызметкери  Шаҳид Ринд.

Бул аймақтағы айырыўши топарлар көп жылдан берли даўам еттирип киятырған қозғалаң ҳүкимет, армия ҳәм регионда Қытай мәплерине қарсы қаратылған. Олар минерал затларға бай ресурслардан үлес талап етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги