Тутыныўшылардың ҳуқықлары нызам қорғаўында!

Ҳәр жылы дүнья жүзи тутыныўшылар жәмийетшилиги 15-мартты халықаралық тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў күни ретинде белгилеп келмекте.
Мағлыўматларға қарағанда, 1962-жылы 15-март күни АҚШ Президенти Джон Кеннеди тәрепинен мәмлекет конгресинде тутыныўшылардың 4 тийкарғы хуқықлары оқып еситтирилген ҳәм бул хуқықлардың мәмлекет тәрепинен кепилликли қорғалыўы белгиленген. Атап айтқанда, қәўипсиз болыў, мағлыўмат алыў, еркин таңлаў, тыңлатыў ҳуқықларына ийе.
1985-жылы апрель айында БМШ Бас Ассамблеясы «Тутыныўшылардың мәплерин қорғаўды басқарыўдың 4-басқарыў принципи» резолюциясын қабыл етип, онда тутыныўшылардың ҳуқықларына жеткерилген зыянды қаплаў, қоршаған орталықты қорғаў, тутыныў билимине ийе болыў, базалық тутыныўды қанаатландырыў сыяқлы қосымша ҳуқықлар белгилеп берилген.
1996-жылы 26-апрельде Өзбекстан Республикасының «Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққында»ғы Нызамының қабыл етилиўи арқалы мәмлекетимиз тәрепинен тутыныўшылардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў механизми ҳәм кепиллиги белгиленди.
Биз усы нызам талапларының орынланыўы, әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелери ҳәм басқа да бул бағдардағы қызықтырған сораўларымызға жуўап алыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Тутыныўшылардың мəплерин қорғаў орайының директоры Ахмет Урумбаевты сәўбетке тарттық.
– Ахмет Нагметович, Сиз басқарып атырған мәмлекетлик емес коммерциялык емес шөлкемниң тутыныўшыларға көрсетип атырған хызметлери ҳаққында мағлыўмат берсеңиз.
– Биз ҳәммемиз тутыныўшымыз. Ҳәр күнги талаплардан келип шыққан ҳалда медицина, саўда, аўқатланыў, коммуналлық, автотранспорт, темир жол транспорты, ҳаўа жоллары, байланыс, дәрихана ҳәм басқа да хызмет түрлеринен пайдаланғанда, тутыныўшылардың сапалы товарлар (жумыс, хызметлер)ды сатып алыўы менен байланыслы ҳуқықларын, өмирине ҳәм саламатлығына қәўипсиз болыўы, товарлар (жумыс, хызметлер) ҳаққында мағлыўмат алыў, өзлериниң басқа да ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўда «Тутыныўшылардың хуқықларын қорғаў ҳаққында»ғы Нызамшылық талапларын басшылыққа алыўы шәрт.
Тутыныўшылардың мəплерин қорғаў орайына жоқарыда атап өтилген «Тутыныўшылардың хуқықларын қорғаў ҳаққында»ғы Нызам талапларын қадағалаў ўазыйпасы жүкленген.
Бүгинги күнде Орай тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққындағы нызамшылық хүжжетлериниң орынланыўын қадағалаў менен бирге, усы нызамның мәнисин халыққа жеткерип, олардың ҳуқықлары менен мәплери бузылған жағдайдағы ҳәрекетлерин ғалаба хабар қураллары арқалы, семинарлар, оқыўларды шөлкемлестириў арқалы түсиндирип бармақта. Усындай үгит-нәсият, түсиник жумысларына қарамастан ҳуқықлары менен мәплери бузылған тутыныўшылардан көплеген мүрәжатлер келип түспекте ҳәм олар Орай тәрепинен ҳәрекеттеги нызамшылық талапларына тийкарланған ҳалда үйренип шығылмақта.
– Усы мүрәжатлер қалай шешилмекте, түсиник ҳәм үгит-нәсият жумысларының нәтийжеси қалай болмақта?
– Орайға жазба ҳәм исеним телефоны арқалы берилген арза ҳәм шағымлардың дерлик 85-90 проценти тутыныўшылардың пайдасына шешилмекте. Келип түскен жәми 52 мүрәжат толық қөрип шығылып, тутыныўшылардың пайдасына 75 миллион сум қайта есапланды.
Тутыныўшылардың мəплерин қорғаў мəселелери бойынша олардан келип түсип атырған шағым ҳәм арзалардың кѳпшилиги ишки тутыныў базарында сапасы ҳəм талапларға жуўап бермейтуғын күнделикли хожалығымызда пайдаланылатуғын үскенелер ҳəм инсан ѳмири ҳəм саламатлығына қəўип туўдыратуғын товарлардың сатылыўы менен байланыслы болып қалмақта.
Бул жағдайларға жол қоймаў ушын жəмийетлик қадағалаўды еле де күшейтиў, халықтың ҳуқықый билимин ҳəм тутыныў мəдениятын арттырыўға байланыслы түсиник жумысларын алып барыўды жетилистириў зəрүр.
Республикамызда жасап атырған пуқараларды биринши гезекте, базарларда, супермаркет, азық-аўқат дүканларында мүддети кѳрсетилмеген, сапасы тѳмен ѳнимлерди сатып алмаўға шақырып қаламыз. Бул ѳнимлердиң биринши гезекте ҳəр бир адамның денсаўлығына кери тəсир кѳрсетиў қəўипи бар. Исбилерменлер бундай ѳнимлердиң адамның денсаўлығына кери тəсир кѳрсетиўин билсе де оған кѳз жумып ѳтеди. Себеби, исбилерменлер бул ѳнимлердиң мүддетин ѳткерип алыўына қарамастан саўда орайларында сатыўды даўам етеди. Оған баслы себеп олар (исбилерменлер) бул ѳнимлерге ѳз есапларынан кѳп муғдарда пул жумсайды.
– Бундай жағдайда қандай мәсләҳәт бересиз?
– Усы жерде айырым исбилерменлердиң дүканларында мүддети ѳтиўине бир ҳәпте қалған, сапасы тѳмен азық-аўқат ѳнимлерин ҳəм күнделикли пайдаланылатуғын үскенелерди ҳәр қыйлы сәне ямаса байрам мүнәсибети менен «Акция» өткериў жолы арқалы пуқараларды қызықтырып сатыўға ерисетуғынлығын атап өтиўимиз керек. Усы жоқарыдағыларды есапқа алып пуқараларды (тутыныўшыларды) бундай ѳнимлерден аўлақ болыўын ҳəм ҳəр бир алмақшы болған азық-аўқат ѳнимлериниң белгиленген сертификатларын талап етип алыўға ҳақылы екенин билдиремиз.
Буған мысал ретинде, Қарақалпақстан Республикасы Тутыныўшылардың мəплерин қорғаў орайына келип түскен айырым мүрəжатларды, мәселен, 2024-жылы пуқаралардан келип түскен мүрəжатлардың көпшилиги техника сатыўшы ири саўда орайларынан кредит есабына бѳлип тѳлеўге алған кир жуўғыш үскене, телевизор, телефонлар ҳ.т.басқа үскенелер болып табылады. Атап айтқанда, үскенелерди сатып алған ўақтында ислеп турған болса да, үйине апарып пайдаланғанда ислемей қалғанлығын ҳәм насаз болып шыққанлығын, сатып алған саўда орайына барып айтса, сатыўшы ҳəр түрли сылтаўлар менен тутыныўшыға насаз үскенени алмастырып бермейтуғынын айтып қопал қатнасықта болғанын атап өтсек болады.
Үмитсизленген тутыныўшылар бул жағдай бойынша Орайға мүрәжат етиўге мәжбүр болған ҳәм бул мүрәжатлер Орайдың мониторинг қәнигелери тəрепинен кѳрип шығылып, қысқа мүддет ишинде ислемей турған үскенелери алмастырып берилди.
Жоқарыдағыдай жағдайлар анықланса тутыныўшыларды Орайдың (95) 601-15-15 исеним телефонына шағым етиў имканиятлары бар екенин мәлим етемиз.
Сәўбетлескен: Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги