Өзбекстан-Франция: электротехника тараўында еки тәреплеме бирге ислесиў және де беккемленеди

353

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Францияға әмелге асырып атырған мәмлекетлик сапары шеңберинде еки мәмлекет рәсмийлери ҳәм исбилермен топарлары арасында бизнес-форум өткерилди.

Онда «Өзэлтехсанаат» ассоцациясының баслығы Мирзиёд Юнусов қатнасып, Францияның «Alstom» компаниясы Батыс ҳәм Орайлық Азия бойынша басқарыўшы директоры Жером Бойе менен сөйлесиўлер алып барды.

Ушырасыў даўамында Өзбекстан электротехника санаатының жедел раўажланыўы, тараўдағы қолайлы инвестициялық орталық ҳәм халықаралық бирге ислесиў перспективалары додаланды.

Мирзиёд Юнусов «Alstom» компаниясына Өзбекстандағы имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў, перспективалы биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў ҳәм заманагөй технологияларды енгизиў бойынша усыныслар билдирди.

Атап өтилгениндей, «Alstom» – темир жол транспорты ҳәм электр ҳәрекетлениў системалары тараўында дүньядағы жетекши компаниялардан бири болып есапланады. Ол инновациялық локомотивлер, электровозлар ҳәм транспорт технологияларын ислеп шығыў ҳәм әмелиятқа енгизиў менен шуғылланады.

Сөйлесиўлер нәтийжесинде еки тәреплеме бирге ислесиўди және де беккемлеў, жаңа инвестициялық жойбарларды иске қосыў ҳәм Өзбекстан электротехника санаатының турақлы раўажланыўына жәрдемлесиўге келисип алынды.

Н.Зиёдуллаева таярлады, ӨзА