Пиллешилик тараўын раўажландырыў бойынша кең түсиниклер берилди

357

Мәмлекетимизде пиллешиликти және де раўажландырыў, тараўда ислеў тилегинде болған халықты, соның ишинде, ҳаял-қызлардың усы тараўда бәнтлигин тәмийинлеў арқалы аўыллық жерлерде халықтың абаданлығын арттырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Ҳаял-қызлардың пиллешилик тараўындағы бәнтлигин басқышпа-басқыш тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Әмиўдәрья районы ҳәкимлигинде Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң Пиллешилик ҳәм тутшылық кафедрасының профессоры Ч.Беккамовтың қатнасыўында оқыў семинары болып өтти.

Оған район ҳәкимининң орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң баслығы Г.Сабурова, мәҳәлледеги ҳаял-қызлар белсендилери ҳәм пиллешилик тараўының жуўапкерлери қатнасты,- деп мағлыўмат береди Әмиўдәрья районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.

Семинарда тараўды раўажландырыўдағы түпкиликли реформалар, тараўдың сырлары ҳаққында пикир алысылды. Сондай-ақ, наўқан қуртын бағыўда итибар қаратыў керек болған тәреплери ҳаққында кең түрде мағлыўмат берилди.



Қатнасыўшылар тараўға байланыслы өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги