Журтымыз  абатлығы – кеўлимиз абатлығы

337

Үй алды қыйтақ жерлеринен пайдаланыўды шөлкемлестирген ҳалда халықтың дәраматларын арттырыў ҳәм кәмбағал шаңарақлар менен мәнзилли ислесиў, абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларын жеделлестириў арқалы 2025-жылғы Наўрыз улыўма халықлық байрамын ҳәм мүбәрек Рамазан айын  көтериңки кейпиятта өткериў мақсетинде усы жылдың 11- март айынан баслап “әҳмийетли бир айлық” жәрияланды.

Усы бир айлық даўамында  “Абат шаңарақ- абат көше-абат мәҳәлле” принципи шеңберинде абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыý жумысларының көлемин және де кеңейтиў мақсетинде Нөкис районы аймағында “Жасыл мәкан” улыўма миллий бағдарламасы тийкарында шембилик өткерилмекте. Шембиликке мәкеме ҳәм шөлкемлер белсене қатнаспақта.

Бул илажға Қутанкөл мәкан пуқаралар жыйынындағы Қарақалпақнама көшеси турғынлары да белсене қатнасып,  абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары шөлкемлескенлик пенен өткерилмекте.




-Өз үйиң абат болса, көше, мәҳәлле абат болады. Бизлер абаданластырыў жумысларын үйимиз әтирапынан баслап, көшемизди, мәҳәллемизди шығындылардан тазалап, дарақларды ҳәклеп, үй қапталындағы қыйтақ жерлеримизди егиўге таярлап атырмыз. Жасарыў, жаңаланыў байрамы болған Наўрыз байрамын көшемизде усындай көтериңки кейпиятта белгилеўди алдымызға мақсет еткенбиз,-дейди көше турғыны М.Узақбергенов.

Қарақалпақстан хабар агентлиги