Усыныс ҳәм мүрәжатлер бойынша тийисли илажлар белгиленди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Ахмед Реймов өзи сайланған аймақтағы “Ақ отаў”, “Туңғыш қоныс” ҳәм “Гүзар” мәкан пуқаралар жыйынлары турғынлары менен ушырасыў өткерди. Бул ушырасыў мәҳәллелерде жасайтуғын пуқаралар менен тиккелей сөйлесиў, олардың әҳмийетли машқалаларын тыңлаў ҳәм тийисли мәселелерди шешиў бойынша пикир алысыў мақсетинде шөлкемлестирилди.
Ушырасыў даўамында депутат мәҳәлле турғынлары менен сәўбетлесип, олардын мүрәжатларын тыңлады. Пуқаралар тәрепинен аймақтағы ҳәр қыйлы социаллық-экономикалық мәселелер, соның ишинде, бәнтлик, медицина сыяқлы мәселелер көтерилди. Депутат пуқаралар тәрепинен билдирилген ҳәр бир мүрәжатты дыққат пенен тыңлап, бар машқалаларды басқышпа-басқыш шешиў бойынша тийисли мәмлекетлик уйымлар ҳәм жуўапкер шөлкемлер менен биргеликте жумыс алып баратуғынын атап өтти.
Сондай-ақ, депутат аймақтың социаллық-экономикалық раўажланыўы, халықтың абаданлығын арттырыў бағдарында алып барылып атырған реформалар ҳаққында түсиник берди. Соның менен бирге, мәмлекетимиз тәрепинен халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларына көрсетилип атырған жәрдемлер ҳаққында да сөз етти.




Халық тәрепинен билдирилген усыныс ҳәм мүрәжатлер тийкарында тийисли илажлар белгиленди ҳәм келешекте бундай ушырасыўлар турақлы өткерилетуғыны атап өтилди. Илаж соңында депутат тәрепинен мәҳәлледеги кем тәмийинленген, бағыўшысын жоғалтқан ҳәм майыплығы болған пуқараларға азық-аўқат өнимлери тарқатылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги