Үлкен жол бойын абаданластырыў даўам етеди

423

Қанлыкөл районында “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеӊберинде усы жылдың бәҳәр мәўсиминде ислениўи тийис ўазыйпаларға бағышланған илаж өткерилди.

Илажға район ҳәкими ҳәм орынбасарлары, тийисли мәкемелердиң басшылары, фермерлер ҳәм шөлкем қәнигелери қатнасты.

Район ҳәкими Б.Султанов, Қарақалпақстан Республикасы Салық басқармасының баслығы Х.Бекчанов, районда биринши гезекте халықаралық дәрежедеги А-380 “Гүзар-Бухара-Нөкис-Бейнеў” автомобиль жолының 31 километрлик аралығыныӊ ҳәр еки тәрепине терек егиў жумысларын әмелге асырыў даўам етиўи керек екенлигин атап өтип, бул бағдарда исленетуғын илажлар бойынша көрсетпелер берилди.

Буннан басқа, мәҳәллелер аймағын абаданластырыў, фермерлердиң атыз шетлерине нәл егиў, жеке меншик қыйтақ жерлер менен турақ жайлардың әтирапларын тәртипке келтириў бойынша илажлар белгиленди.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги