46-Пүткил жер жүзилик шахмат олимпиадасына таярлық мәселеси додаланды

2026-жылы әййемги ҳәм ҳәмийше нәўқыран Самарқанд қаласында шахмат бойынша 46-Пүткил жер жүзилик шахмат олимпиадасы ойынлары шөлкемлестириледи.
Ҳәр еки жылда бир мәрте дүньяның 200 ге шамалас ең күшли шахмат командаларының қатнасыўында өтетуғын бул абырайлы жарысты жоқары дәрежеде шөлкемлестириў мақсетинде мәмлекетимиз басшысының «2026-жыл Өзбекстанда болып өтетуғын 46-Пүткил жер жүзилик шахмат олимпиадасына комплексли таярлық көриў ҳәм шахматты ғалаба ҳәрекетке айландырыўға байланыслы илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген.

Спорт министрлиги Халықаралық шахмат федерациясы (ФИДЕ) президенти Аркадий Дворкович, Өзбекстан Республикасы спорт министри Адҳам Икрамов, Жаслар ислери агентлиги директоры Алишер Саъдуллаев, Өзбекстан шахмат федерациясы баслығының орынбасары Комил Синдоров және тийисли министрлик ҳәм уйымлардың жуўапкер хызметкерлериниң қатнасыўында 46-Пүткил жер жүзилик шахмат олимпиадасына комплексли таярлық көриў бойынша Шөлкемлестириў комитетиниң мәжилиси өткерилди. Онда усы абырайлы олимпиаданы жоқары дәрежеде өткериў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар атап айтқанда, тийисли министрликлер менен уйымлардың өз-ара бирге ислесиўдеги жумысы додаланды.

Халықаралық шахмат федерациясы (ФИДЕ) президенти Аркадий Дворкович 46-Пүткил жер жүзилик шахмат олимпиадасының Өзбекстанда өткерилиўи үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти. Мәмлекетимиз жас шахматшыларының халықаралық масштабта ерисип атырған нәтийжелерин атап өтти.

Өз гезегинде, спорт министри А.Икрамов өткен қысқа ўақытта шахмат олимпиадасына таярлық көриў бойынша «жол картасы» ислеп шығылғаны, ҳәр бир бағдар бойынша жуўапкерлерге анық ўазыйпалар жүкленгенине тоқтап өтти.

Шахмат олимпиадасын өткериў бойынша қабыл етилген қарардың орынланыўы ҳаққында тийисли шөлкем қәнеигелериниң атап айтқанда, мәжилиске онлайн тәризде қатнасқан Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлиги ўәкиллериниң, Өзбекстан шахмат федерациясы қәнигелериниң есабатлары тыңланды.
Т.Рўзиев, ӨзАның хабаршысы