Раўажланыў жолында коррупцияға жол қоймаймыз

288

Мүнәсибет

Коррупция – жәмийеттиң раўажланыўына унамсыз тәсир көрсетиўши факторлардан бири.  Соңғы жылларда мәмлекетимизде жынаяшылықтың бул түрине қарсы  кескин гүрес алып барылмақта. Мәмлекетимиз басшысының  Коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңесиниң мәжилисинде қатнасыўы ҳәм елимизде коррупциядан жырақ орталық жаратыў бойынша исленген жумысларға баҳа берилгени де тосыннан емес.

Президентимиздиң атап өткениндей, коррупция реформалар жолындағы ең үлкен тосқынлық ҳәм кесент. Сол себепли бул иллетке қарсы гүресиўши өз алдына уйымлар шөлкемлестирилди. Жәмийетшиликтиң алдына да коррупцияға жол қоймаў ўазыйпасы жүкленди. Бул қәўипли иллетке қарсы гүресиў ушын мәмлекетимизде бир қатар ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилип, оның  тийкарғы факторларына қарсы гүрес күшейтилди.

Усы жерде бир мысал, алдынлары банклерден кредит алыўда да таныс-билислик болған. Енди системада сондай тәртип орнатылды, ҳәммеси ашық-айдын шешимин таўып атыр. Барлық банклер 100 миллион сумға шекемги хожалық кредитлерин инсан факторысыз 5 минутта онлайн бермекте. Нәтийжеде алдын бул жумыс пенен шуғылланған мыңлаған банкирлер енди мәҳәллеге түсип, адамларға жойбар, кредит усыныс етип, қарыйдарын көбейтиў менен шуғылланбақта. Бул өз-өзинен пуқаралардың банклерге болған исенимин арттырыў менен бирге жаңа басламаларға, исбилерменлик жумысына басламақта.

Мектепти питкерип атырған жигит-қызлар ҳәм олардың ата-аналарын бир тәшўиш қыйнар еди. Бир ўақытлары перзентин жоқары оқыў орнына оқыўға киргизиў ушын ата-ана алдыннан пул жыйнағаны да сыр емес. Бул коррупцияның ашық көринисиниң басланыўы. Кейинги жылларда әмелге асырылған реформалар нәтийжесинде жоқары билимлендириў системасы санластырылды. Дәслеп тест тапсырып, топлаған баллына қарап, кейин жоқары оқыў орнын таңлаў енгизилди. 35 түрдеги ҳүжжетлерди инсан факторысыз алыўға өтилгени ушын тараўдағы мүрәжатлар 2,2 есеге азайды. Булардың барлығы жасларды өз үстинде ислеўге, билим алыўға ҳәм ашық-айдынлыққа үйретпекте.

Бизиң партиямыз өз аты менен жәмийетте әдиллик орнатыў тәрепдары. Коррупцияға қарсы гүресиў биз ушын турақлы процесс ҳәм жумысымызда кең орын ийелейди. Бул жолда мәмлекетимиз басшысы айтқанындай, ҳәммемиз бирден-бир күш болып ҳәрекет ететуғын болсақ, әлбетте, үлкен унамлы нәтийжеге ерисемиз. Соның ушын мәҳәлле белсендилери, нуранийлер, зыялылар,  жазыўшы  ҳәм шайырлар,  көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери, исбилерменлер, белгили шахслар, басшылар, депутат ҳәм сенаторлар – улыўма пүткил жәмийетшилик бирлесип, коррупцияға «жәмийет денесиндеги паразит” сыпатында қараўы керек.

 

Мухтар Ибрагимов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты, ӨзЛиДеП фракциясы ағзасы

Қарақалпақстан хабар агентлиги