Ийгиликли ислер даўам етпекте

289

Президентимиздиң басламасы менен Ферғана ўәлаяты ҳәкимлиги Бозатаў районына қәўендер сыпатында бириктирилген еди. Усы өткен дәўир ишинде Бозатаў районында ферғаналылырдың жәрдеминде көплеген унамлы жойбарлар әмелге асырылып, бүгинги күнде бул объектлер халық ийгилиги ушын хызмет етпекте.

Ферғана ўәлаяты ҳәкими Хайрулла Бозаровтың басшылығындағы делегация ағзалары Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Фарҳад Эрманов пенен биргеликте 2024-жылы  әмелге асырылған жумыслар менен танысыў ҳәм жаңа жойбарларды әмелге асырыў мақсетинде Бозатаў районына барды.

Дәслеп мийманлар Қусханатаў аўыл пуқаралар жыйыны  аймағында Ферғана ўәлаяты ҳәкимлиги қаржылары есабынан капитал реконструкция жумыслары жүргизилген 9-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми ҳәм 5-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде  болды.

Бул жерде мийманлар билимлендириў шөлкемлериниң жумыслары ҳәм оларда жаратылған шараятлар менен танысып, усы жерде ислеўши педагог-хызметкерлер ҳәм оларда тәрбияланып атырған аўыл балалары менен сәўбетлести.

-Мектебимизде бурын спорт залы болмағанлықтан, оқыўшыларымыздың спорт пенен шуғылланыўы ушын мүмкиншиликлер жоқ еди,-дейди 5-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң директоры Сансызбай Сейтмуратов.-Ферғана ўәлаяты ҳәкимлигиниң қәўендерлиги есабынан 2024-жылы 12х24 көлеминде заманагөй спорт зал қурып берилди ҳәм ҳәзирги ўақытлары оқыўшыларымыз ушын бул жерде барлық қолайлы шараятлар жаратылып берилди. Буның ушын ҳүрметли Президентимизге, Ферғана ўәлаяты ҳәкимлиги ҳәм республика ҳәм районымыз басшыларына үлкен рахмет айтамыз. Алдағы ўақытлары оқыўшыларымыз өзлерине жаратылған бундай кең имканияттан нәтийжели пайдаланып, республикалық пән олимпиадалары, ҳәр қыйлы таңлаў ҳәм спорт жарысыларында жақсы көрсеткишлерди қолға киргизеди деп ойлайман.

Буннан соң делегация ағзалары Бозатаў районындағы бир қатар объектлерде болды. Атап айтқанда, район орайында жайласқан ески Мәденият үйи имараты, шарўашылық комплекси, ыссыхана ҳәм текстиль кәрханасының бүгинги турмысы менен жақыннан танысып, Ферғана ўәлаяты ҳәкими Хайрулла Бозаров Ферғана ўәлаятынан келген исбилерменлерге усы объектлерди иске түсириў бойынша анық тапсырмаларды белгилеп берди.

Соңынан мийманлар Бозатаў посёлкалық пуқаралар жыйынындағы 2-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде болып, Ферғана ўәлаяты ҳәкимлиги қәўендерлиги есабынан жаңадан қурылған спорт зал имараты менен жақыннан танысты ҳәм Рамазан айы  мүнәсибети менен район аймағында жасаўшы социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж шаңарақларға азық-аўқат өнимлери тарқатылды.

Сондай-ақ, делегация ағзалары Ферғана ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен шөлкемлестирилген жүзимзар ҳәм Бозатаў районы орайында қурылысы режелестирилген Нуранийлар мәканы, аталар шайханасы, Бозатаў тарийхы музейи, мәденият орайы ушын ажыратылған жер орынларды көзден өткерди.









Буннан соң  Ферғана ўәлаяты ҳәкими Хайрулла Бозаров, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов пенен биргеликте Бозатаў районында «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде бәҳәрги нәл егиў ушын таярланған жер майданына  терек нәллерин егиў илажына қатнасты.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы