Дүньяда ҳаял-қызлардың жағдайы

БМШта Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен дүньядағы ҳаял-қызлардың бүгинги жағдайы ҳаққында баянат таярланды. Атап өтилиўинше, кейинги 30 жыл ишинде дүньяда ҳаял-қызлардың ҳуқықларын кеңейтиўге қаратылған 1,5 мыңнан аслам реформалар өткерилген.
Солай болса да, ҳәзирде ҳаял-қызлар еркеклерге берилген ҳуқылардың тек ғана 64 процентине ийе. Парламентлердеги ҳаял-қызлардың саны еки есеге артқан, бирақ бул еле де орынлардың тек шерек бөлегин қурайды. Усы ўақытқа шекем тек ғана 87 мәмлекет ҳаял-қызлар тәрепинен басқарылған.
Дүньядағы ҳаял-қызлардың дерлик 10 проценти ямаса 393 миллионы оғада кәмбағаллықта, 15 проценттен асламы болса әскерий урыслар аймақларында жасайды. Жумыс орынларындағы гендер айырмашылығы он жыллар даўамында өзгермей қалмақта: мийнетке жарамлы жастағы ҳаял-қызлардың 63 проценти жумыс ислейди, еркеклерде бул көрсеткиш 92 процентти қурайды.
Еслетип өтемиз, кеше Президент Шавкат Мирзиёев Өзбекстанда басқарыў тараўындағы хызметкерлердиң 35 процентин (2017-жылы – 20 проценти) ҳаял-қызлар қурайтуғынын атап өткен еди. Сондай-ақ, парламент төменги палатасы депутатларының 38 процентин ҳәм Сенат ағзаларының 27 процентин ҳаял-қызлар қурайды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги