Өзбекстанның ШБШдағы статусы

319

Мәлим болғанындай, 2001-жылы дүзилген Шанхай бирге ислесиў шөлкеми (ШБШ)ниң тийкарғы мақсети экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыў, қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм мәдений алмасыўларды күшейтиў болып табылады.

Өзбекстан шөлкемге ағза болған дәслепки мәмлекетлерден бири есапланады. Өткен жыллар даўамында мәмлекетимиз регионаллық турақлылық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеўде әҳмийетли орын ийелеп келмекте. Республикамыздың геосиясий жайласыўы ШБШ ушын стратегиялық әҳмийетке ийе. Себеби, Орайлық Азияның жүрегинде жайласқан диярымыз транспорт-логистика бағдарын раўажландырыў ушын жүдә қолайлы мәнзил.

Өзбекстан ШБШ шеңберинде турақлы әҳмийетли басламаларды алға қойып келеди. Мәселен, мәмлекет терроризмге ҳәм нәшебентлик затлардың нызамсыз айланысына қарсы гүресиўши структураларды күшейтиў ҳәм экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыў бағдарында жедел жумыс алып бармақта. Сондай-ақ, өз ресурслары менен ағза мәмлекетлер энергетика қәўипсизлигин тәмийинлеўге умтылып атыр.

Экономиканы диверсификациялаў, инвестиция тартыў, еки ҳәм көп тәреплеме саўда байланысларын күшейтиў мақсетинде бир неше жойбар әмелге асырылмақта. Транспорт инфраструктурасы, энергия тәмийнаты тараўындағы бирге ислесиў күн сайын кеңеймекте.

Жуўмақлап айтқанда, ШБШ майданында өзине тән статусына ийе Өзбекстан регионаллық турақлылыққа мүнәсип үлес қоспақта. Мәмлекетимиз халықаралық қатнасықларда белсене қатнасып, экономикалық-социаллық раўажланыўды тәмийинлеў ушын зәрүр шараят жаратыўға үлес қоспақта. Бундай ҳәрекетлер елимиздиң регионаллық сиясаттағы әҳмийетли орнын және бир мәрте тастыйықлайды.

ӨзА