Экскаваторшыларға азық-аўқат өнимлери тарқатылды

270

 Усы күнлерде Қарақалпақстанда болып турған Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министри Ш.Хамраев районларда суў хожалығы тараўында, сондай-ақ, “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасы шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслар менен таныспақта,-деп хабар бермекте Суў хожалығы министрлигиниң баспасөз хызмети.

Министр Кегейли районында да болып, бағдарлама шеңбериндеги жумысларды үйренди ҳәм район ҳәкими менен ушырасып, алдағы ўазыйпалар додаланды.

Ушырасыўда Кегейли районы ҳәкими А.Камалов “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасы шеңберинде каналларды тазалаў жумысларында белсендилик көрсетип атырған экскаватор басқарыўшыларын қосымша қоллап-қуўатлаў жумыслары шөлкемлестирилип атырғанлығын атап өтти.

Атап айтқанда, Жалпақ жап аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы каналды қазыўда қатнасып атырған экскаваторшыларға бир-бир қалтадан ун, май ҳәм басқа да азық-аўқат өнимлери тапсырылды.

Суў хожалығы министри Ш.Хамраев Кегейли районы ҳәкими А.Камаловтың экскаваторшыларды қоллап-қуўатлаў бағдарындағы бул басламасы басқаларға үлги болатуғынын, әпиўайы механизаторлардың пидәкерлик мийнетине итибар тийкарында жумыс өнимдарлығын арттырыўға қаратылған илажлардан бири екенин атап өтти.

Сондай-ақ, суў хожалығы жуўапкерлерине халықтың қыйтақ жерлериниң суў тәмийнатын жақсылаўға қаратылған жумысларды жеделлестириў бойынша көрсетпелер берилди.

Мағлыўмат ушын, Кегейли районында “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасы шеңберинде Ақтуба, Көк өзек, Абат, Жалпақ жап ҳәм Кумшүңгил аўыл пуқаралар жыйынларындағы каналларды ҳәм ишки жап-салмаларды реконструкциялаў жумыслары алып барылмақта. Бул ушын 9 экскаватор тартылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги