Халқының тынышлығын қорғаў ҳақыйқый мәртлердиң иси

274

Әндижан, Наманган, Сурхандәрья, Наўайы, Бухара ўәлаятларында мүддетли әскерий хызметти өтеген 300 ге шамалас қарақалпақстанлы жаслар Ўатан алдындағы муқаддес миннетин орынлап үйлерине жарқын жүз бенен қайтты.

Олар “Нөкис” темир жол вокзалында Арқа-Батыс әскерий округи сәркардалығы, Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў ислери басқармасы, Қураллы Күшлер ветеранлары, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери ҳәм ата-аналарының қатнасыўында салтанатлы түрде күтип алынды.

Әскерий кийими бойына жарасып турған азаматлар вагонлардан мәрдана шығар екен, оларды күтип алғанлар бир жыл бурын бул өспиримлер бүгин әдеўир ержетип, күш-қуўатқа толғанын көрип қуўанышқа бөленди. Өз ана журтының тынышлығын, халқының татыўлығын қорғаў ҳақыйқый мәртлердиң иси екенлиги атап өтилди.

Нөкис гарнизоны әскерий оркестриниң атқарыўындағы әскерий намалар енди ғана хызметтен қайтып киятырған жигитлердиң қыялына армия қатарларында өткен қуўанышлы күнлерди, турмысқа шынықтырған машақатлы демлерди, ийинлес болып қатарда турған заманласларын, ақыл-нәсияты менен устазға айланған командир ҳәм басшыларды және бир мәрте еслетти.

– Көзлеринде қуўаныш жаслары менен балаларын баўырына басып атырған ата-аналар, өзине жүкленген жуўапкершиликти орынлап келген азаматлардың бахытлы жүзлери, оларды бақлап турған аламанның қуўанышы әтирапқа байрам кейпиятын бағышлады,-дейди илаж қатнасыўшыларының бири Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студенти Ә.Баймуратов.

Әлбетте, өмир мектебин өтеген, дүняқарасы кеңейип, өзлерине исеним пайда болған жигитлер өз алдына қойған мақсетлерине ерисип, келешекте елимиздиң тынышлығы, халқымыздың абадан турмысы ушын пидайы хызмет етеди, елдиң раўажланыўына өз үлесин қосатуғын пидайы инсан болыўға ҳәрекет етеди. Бул ушын елимизде барлық имканиятлар жаратылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги