Ҳаял-қызлар байрамы кең түрде белгиленди

1009

Бәҳәр мәўсими кирип келиўи менен елимизде гөззаллық, жасарыў, жаңаланыў байрамы басланып, 8-март халықаралық ҳаял-қызлар байрамы кеўиллерге бир әлем қуўаныш бағышлайды.  Аналарымыз, апа-сиңли ҳәм қызлармыз бенен келинлеримиздиң бул әжайып байрамы елимизде кең түрде белгиленип, олар ҳүрмет-иззет ҳәм итибарға ылайық болып келмекте.

Бүгин Нөкис қаласындағы Ақ қуў комплексинде 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти. Онда  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам мүнәсибети менен қутлықлады.

Буннан соң, бир топар ҳаял-қызларды сыйлықлаў мәресими өткерилди. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумы қарары менен Гулистан Даўлетова  «Қарақалпақстан Республикасы халық шайыры»,  Зулхумор Ходжаниязова – «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген денсаўлықты сақлаў хызметкери» ҳүрметли атағы менен сыйлықланды.

Сондай-ақ, елимиз ғәрезсизлигин беккемлеў, оның социаллық-экономикалық потенциалын арттырыўға қосқан үлеслери ҳәм жас әўладты Ўатанға садықлық, улыўма инсанийлық қәдириятлар руўхында тәрбиялаўдағы хызметлери ушын бир топар ҳаял-қызларға «Ардақлы нураный», «Ибратлы ҳаял», «Ўатан пидайысы», «Үмит ушқыны» көкирек белгилери,  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң «Ҳүрмет жарлығы»,  Өзбекстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң «Мўътабар аёл» көкирек белгиси, Министрлер Кеңесиниң «Ҳүрмет жарлығы» тапсырылды.

-Мәмлекетимизде ҳаял-қызларды ҳүрметлеў, тараўларда алып барып атырған мийнетлерин жүзеге шығарыў ҳәм баҳалаўға  итибар қаратылып келинбекте. Мийнет етип атырған ҳеш бир ҳаял-қыз итибардан шетте қалып атырған жоқ. Халқымыз ушын ислеген азы кем хызметлеримди, дөретиўшилик мийнетлеримди баҳалап байрам алдынан  ҳүрметли атақ пенен сыйлықлағаны ушын қуўанышлыман ҳәм өз миннетларшылығымды билдиремен. Бул мениң келешектеги дөретиўшилик жобаларымды жүзеге шығарыўға айрықша йош-илҳам бағышлайды,-дейди Қарақалпақстан халық шайыры Гүлистан Даўлетова

Байрам салтанаты көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлериниң  атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Г.Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги