Ҳаял-қызлар – шаңарағымыздың нуры, қуяшы

893

Мойнақ районы орайындағы пайызлы орынлардың биринде 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни байрамына бағышланып байрам кешеси өткерилди.

Байрам илажында район ҳәкими Б.Менглибеков ҳәм басқалар шығып сөйлеп, ҳаял-қызларды байрам менен қызғын қутлықлап, жақсы тилеклерин билдирди.

Атап өтилгениндей, ҳәр бир тараўда жумыс алып барып атырған, шаңараққа нур бағышлайтуғын ҳаял-қызларымыздың жәмийеттеги роли айырықша ҳәм жәмийеттиң раўажланыўы ушын шын кеўилден хызмет етип атырған усындай ҳаял-қызлар – ең уллы ҳүрметке ылайық. Мойнақшы ҳаял-қызлар да меҳир ҳәм ҳүрметке ең мүнәсип инсанлар. Оларға гүллер саўға етип, оларды гүллер менен қарсы алыў болса, әдеп-икрамлылық ҳәм итибардың тымсалы есапланады.

Мойнақшы ҳаял-қызлар бир ўақытлары балық консерваларын дүньяға танытқан, ҳәзир болса жаңа өмир ушын гүресип атырған пидайылар. Олар барлық дәўирде де ел ушын хызмет еткен ҳақыйқый қаҳарманлар! Олардың мийнетлери мүнәсип қәдирленип, ҳаял-қызлар итибарда болса, жәмийет ҳәм мәмлекет раўажланады.

Байрам салтанатында тараўларда белсендилик көрсетип киятырған бир топар ҳаял-қызларға район ҳәкимлиги тәрепинен ҳүрмет жарлықлары ҳәм байрам саўғалары тапсырылды.

Илаж көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги