Илимпаз ҳаял-қызларымыз да ҳүрметке бөленди

916

Шаңарақ ҳәм жәмийетимиздиң уйытқысы, өмиримиздиң гүли ҳәм мазмуны болған ҳаял-қызларды қәдирлеў, оларға ҳүрмет-иззет көрсетиў халқымыздың уллы қәдириятларынан бири болып табылады.

Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында 8-март — халықаралық ҳаял-қызлар күни байрамы мүнәсибети менен филиал мийнет жәмәәтинде жумыс ислейтуғын ҳаял-қызлардан ибарат профессор-оқытыўшылар, техникалық хызметкерлер ҳәм студент-қызлардың қатнасыўында байрам кешеси болып өтти.

Байрам кешесин филиал директоры, профессор Байрамбай Еримбетов кирис сөз бенен ашты ҳәм илаж қатнасыўшыларын байрамы менен қызғын қутлықлап, ҳаял-қызларымыздың жәмийетимиз турмысында тутқан орны ҳәм атқарып атырған хызметин жоқары баҳалады. Соның менен бирге, елимиз Президенти тәрепинен ҳаял-қызлар, соның ишинде, жоқары оқыў орнына кириўди қәлеўши қызларымызға жаратылып атырған кең имканиятлар ҳәм мүмкиншиликлерге тоқтап, буның ушын Журтбасшымызға үлкен рахметлер айтты.

Соң филиалда жумыс ислейтуғын ҳаял-қызларға ҳүрмет көрсетилип, оларға байрам саўғалары тапсырылды.

-2024-жылы психология қәнигелиги бойынша алып барған илимий жумысымды табыслы қорғап шыққан едим,-дейди психология илимлери бойынша (PhD) философия докторы Улбосын Қалилаева.-Бүгинги байрам илажында институт басшылары тәрепинен сыйлықландым ҳәм буның ушын шөлкемлестириўшилерге үлкен рахмет айтаман.

Байрам кешеси филиал студент-жаслары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы