Қубла Корея Президенти қамалмайды ма?

Қубла Корея суды Президент Юн Сок Ёлды қамақтан азат етти. Бул ҳаққында «Yonhap» мәлимлеме агентлиги хабар берди.
Февраль айында мәмлекет басшыларының тәрепдарлары Сеул орайлық округлик судына шағым менен мүрәжат еткен еди. Нәтийжеде суд қолға алыў әмелиятын нызамсыз, деп тапқан.
Адвокат Сок Дон Хённың түсиндириўинше, пуқаралардың аппеляция бериў имканиятынан пайдаланыў мүддети тамамланбағанша, Президент қойып жиберилмейди.
– Судтың қамаққа алыў тәртибин бийкар етиў ҳаққындағы қарарына қарамастан тутқын дәрҳал босатылмайды, – дейди Сок Дон Хён. – Орайлық район прокуратурасы жети күн ишинде аппеляция бериўи мүмкин. Қашан усындай шағым бийкар етилсе ямаса тийисли ҳуқықтан ўақтында пайдаланбаса, сиясатшы еркинликке шығарылады.
15-январь күни Жоқары дәрежедеги ҳәмелдарлар ушын коррупцияға қарсы тергеў басқармасы Президент Юн Сок Ёлды әскерий жағдай енгизиў арқалы конституциялық структураға қарсы бас көтериўде айыплап, пайтахттағы резиденциясында қамаққа алған. Сеул батыс округлик суды болса мәмлекет басшысын услап турыў ҳаққындағы қарарды 19-январь күни шығарған.
М.Пирматова, ӨзА