Исбилерменликке қызығыўшы жасларға пайдалы саяхат

«Жаслар – келешегимиз» фонды Қарақалпақстан Республикасы филиалы ҳәм Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен «Бизнес клуб» ағзалары ҳәм исбилерменликке қызығыўшы жаслар ушын Нөкис қаласында жумыс алып барыўшы “VISCONTI” жуўапкершилиги шекленген жәмийетине бизнес саяхаты шөлкемлестирилди.
“VISCONTI” ЖШЖ директоры Мийригул Каипова Президентимиз тәрепинен қабыл етилген «Киши бизнести раўажландырыўды материаллық ҳәм институционаллық қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында 100 миллион сум муғдарында жеңиллетилген кредит алып, бүгинги күнде нан ҳәм нан өнимлерин ислеп шығарыў жумысларын жолға қойған.
― Исбилерменлигимизди баслағанымызға бир жылға шамалас ўақыт болды. Ҳәзирги ўақытта кәрханамызда 46 түрдеги нан ҳәм нан өнимлери таярланады. Мәҳәллемиздеги 6 ҳаял-қыздың турақлы бәнтлигин тәмийинледик. Жеңиллетилген кредит алыўда, исбилерменлик көнликпелерине ийе болыўымызда ҳәм бизнесимизди баслаўда Саўда-санаат палатасы жақыннан жәрдем берип келмекте. Алдағы ўақытларда кәрханамызды еле де кеңейтип, жеке брендимиз тийкарында ислеп шығарылған өнимлеримизди дүнья базарларына танытып, қосымша жумыс орынларын жаратыўды режелестирип атырмыз,-дейди исбилермен М.Каипова.

Бизнес саяхат даўамында қатнасыўшы жаслар кәрхананың жумыслары менен жақыннан танысып, исбилерменлик бағдарында басланғыш билимлерге ийе болып, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги