ШБШ – Өзбекстан: Регионаллық бирге ислесиў беккемленбекте

Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатия университетинде Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Бас хаткери Нурлан Ермекбаев пенен ушырасыў болып өтти.
Дөгерек сәўбетинде Президент Администрациясы ўәкиллери, Сыртқы ислер министрлигиниң жуўапкерлери, елимизде аккредитациядан өткен дипломатиялық ўәкилханалар ҳәм халықаралық шөлкемлердиң басшылары, сондай-ақ, ЖЭДУ профессор-оқытыўшылары ҳәс студентлери қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының биринши орынбасары, Университет ректоры Содиқ Сафоев илажды ашып, ШБШ аймағында дүнья халқының 40 проценттен асламы жасайтуғыны, глобал жалпы ишки өнимниң шерек бөлегинен көби структура қурамындағы еллерге туўра келетуғынына итибар қаратты. Усы көзқарастан «ШБШ шаңарағы» бирлиги нәтийжесинде жүзеге келип атырған имканиятлардан толық пайдаланыў ҳәм биргеликте раўажланыў принципин избе-из түрде турмысқа асырыў мүмкин екенин атап өтти.
Пикир алысыў даўамында ШБШ шеңбериндеги экономикалық бирге ислесиў, регионаллық қәўипсизлик, мәдений-гуманитарлық байланысларға байланыслы әҳмийетли мәселелер көтерилди.
Қызықлы сөйлесиў жуўмағында студентлер ҳәм оқытыўшылардың сораўларына жуўап берип, Нурлан Ермекбаев өз тәжирийбесинен келип шығып, жас қәнигелер халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға қандай үлес қосыўы мүмкин екени ҳаққында пикирлери менен ортақласты.
Мусулман Зиё, Отабек Мирсоатов (фото) ӨзА