Байрамда ҳаял-қызлардың мийнетлери атап өтилди

267

Республикамыздың барлық аймақларында болғаны сыяқлы, Шымбай  районында  «8-март – халықаралық ҳаял-қызлар күни» байрамы көтериңки кейпиятта белгиленип өтилди.

Район ҳәкимлиги тәрепинен шөлкемлестирилген кешеге нураний аналар, жәмийетлик турмыста белсендилик көрсетип киятырған ҳаял-қызлар, мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкем ўәкиллери қатнасты. Кешеде район ҳәкими Айбек Тажетдинов ҳәм басқалар илаж қатнасыўшыларын халықаралық ҳаял-қызлар байрамы менен қутлықлады. Илажда соңғы жыллары Президентимиздиң арнаўлы қарары менен ҳаял-қызларға жаратылып атырған имканият ҳәм мүмкиншиликлерге кең түрде тоқтап, бул қолайлықлардан нәтийжели пайдаланып атырған заманласларымыздың үлгили ислерин ҳүрмет пенен тилге алды. Соның ишинде 8-март-халықаралық ҳаял-қызлар күни байрамы мүнәсибети менен Шымбай районы ҳәкиминиң орынбасары-шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң баслығы Гүлзар Мамбетниязованы «Дўстлик» ордени менен сыйлықлағаны ушын елимиз басшысына өзлериниң терең миннетдаршылықларын билдирди.

Салтанатлы кешеде елимиздеги түпкиликли реформаларға белсене қатнасып, Жаңа Өзбекстанды қурыў, халқымыздың абаданлығын арттырыў жолында айрықша баслама ҳәм үлги көрсетип киятырған, шаңарақларда руўхый орталықты беккемлеў, перзентлеримизди Ўатанға сүйиспеншилик ҳәм садықлық, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўга үлкен үлес қосып киятырған шымбайлы бир қатар үлгили апаларымыз бенен қарындасларымызға район ҳәкимлигиниң  «Ҳүрмет жарлығы» ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Илаж республикамызға белгили көркем өнер шеберлери ҳәм мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен таярланған конңерт бағдарламасы менен даўам етти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы